Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы елимизде судуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў және судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды

Усы пәрманға тийкарланып 2021-жыл 12-январь күни Өзбекстан Республикасының «Суд қарарларын қайта көриў институты  жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының  Экономикалық процессуал кодексине өзгерислер және қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилип, кодекске бир қатар өзгерислер және қосымшалар киргизилди.

Беруний районындағы Мәлимлеме-китапхана орайында нызамшылыққа киргизилген усы өзгерислердиң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халыққа жеткериў арқалы олардың ҳуқықый билимин және мәдениятын жетилистириў мақсетинде исбилерменлик субъектлери, инвесторлар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң юристконсультлары, әдиллик ҳәм салық уйымлары хызметкерлериниң қатнасында оқыў-семинары болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының судьясы Г.Зарипова Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслерине  киргизилген өзгерис және қосымшалар, Беруний районлар аралық экономикалық судының баслығы Р.Қурбанбаев Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәниси, судья Қ. Хожамуратов экономикалық судлар тәрепинен инвестициялық даўлар ҳәм бәсекилик пенен байланыслы ислердиң көрилиў тәртиби  ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги