7-апрель күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри Шерзод Шерматовтыӊ республикамыз жаслары менен ушырасыӯы болып өткен еди.
Онда Шерзод Шерматов республикамыз кѳлеминде www.uzbekcoders.uz порталы арқалы дизимнен ѳтип, «Бир миллион бағдарламашы» жойбары шеңберинде билим алып атырған жаслар ҳаққында ѳз пикирин билдирип, усы жойбар шеңберинде ең жақсы нәтийже Қарақалпақстан Республикасындағы мектеп оқыўшылары тәрепинен дизимге алынғанлығын атап ѳтти.
Сондай-ақ, ол ушырасыўда бул нәтийже узақ аймақтағы мектеплерге шекем интернет кирип барғаны, оқыўшылардың бағдарлама жаратыӯды үйрениўине имканият жаратып берилгенлиги себепли, мектеп жәмәәтиниң ислеген мийнетлери күтә жоқары екенлигин атап өтти.
Ушырасыӯда Халық билимлендириў министри оқыўшылардың сораўларына жуўап берип, жасларға жаратылған кең имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша ѳз усынысларын билдирди.
«Министр ҳәм жаслар» ушырасыўында Бозатаў районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ оқыўшысы, Зүльфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ ийеси Гүлсәнем Оразбаева, Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Динара Қәллибекова ҳәм Әмиўдәрья районындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ 11-класс оқыўшысы Нилуфар Түркменбаевалар ең жақсы усыныс билдиргени ушын Ш. Шерматов тәрепинен ноутбук пенен сыйлықлады .
Сондай-ақ, ушырасыўда министр бир қатар мектеп оқыўшыларына планшет ҳәм китаплар саўға етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги