Нөкисте Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  бөлими тәрепинен 2019-2020-жылларда ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўири даўамында әмелге асырылған жумысларға бағышланған есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти.

Илажда ассоциация ағзалары, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша миллий ассоциация Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  бөлиминиң бас координаторы Гүлсара Жоллыбекова баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасында жәми 618 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем жумыс алып бармақта. Есап бериў дәўиринде аймақлық бөлим тәрепинен түрли темаларда дөгерек сәўбетлери, семинарлар, тренинглер, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ўәкиллери менен ушырасыўлар, мониторинг изертлеўлери ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажлары өткерилди.

Соңғы жыллары аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларында белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда МКШ лердиң қатнасын кеңейтиўге, олардың мүрәжатлары менен ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның менен бирге, пуқараларға МКШ лерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм Нызамларды ислеп шығыў тәртиби, өткерилетуғын илажларды әдиллик уйымлары менен келисиў, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланып атырған грант таңлаўларына қатнасыў, әмелге асырылып атырған жойбарлардың жуўмағы бойынша есабат таярлаў ҳәм усыныў мәселелери бойынша әмелий жәрдем берилип келинбекте.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың арасында социаллық шерикликти  күшейтиў, нәтийжели қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, тараўды тәртипке салыўшы ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша жумыслар алып барылмақта.  Атап айтқанда, 2018-2020-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийети басқа институтларының жәми 46 жойбары 1 миллиард 411 миллион сумға қаржыландырылған.  Соннан 31 жойбар МКШ, 11 жойбар ҒХҚ ҳәм 4 жойбар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3 марттағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың жумыс еркинлигин, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы жыл 4-марттағы «2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи ассоциация ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул тараўға кең мүмкиншиликлер жаратыў менен бирге ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясының жаңа редакциядағы Уставы ҳәм структурасы, 2021-жылдағы жумысы бағдарламасының («Жол картасы») жойбарларына қосымшалар киргизиў бойынша қатнасыўшылар тәрепинен  пикир-усыныслар билдирилди. Сондақ-ақ, миллий ассоциацияның есап бериў-сайлаў конференциясына делегатлар сайланды ҳәм күн тәтибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Конференция соңында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен өткен жылы жәрияланған грант таңлаўларына республикамыздан қатнасып,  жеңимпаз болғанларға сертифатлар тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы