6-апрель күни Елликқала районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеӊесиниӊ жигирма үшинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм районлық кеӊес депутатлары, район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Елликқала районлық Кеӊесиниӊ баслығы, район ҳәкими Сейдамет Авезов басқарып барды.

Сессияныӊ  күн тәртибинде  2  мәселе, яғный, биринши «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» бойынша шөлкемлестирилген қорлардыӊ дәрамат ҳәм қаржылары, соныӊ менен бирге социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды «Темир дәптер»ге жаӊадан киргизиў ҳаққында болса, екиншиси , Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ  2020-жыл 6- ноябрьдеги  “Өзбекстанныӊ жаӊа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-билимлендириў тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманыныӊ 11-бәнтине тийкарланып  районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 22, 23, 35, 49, 57 , 64-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери директорларыныӊ 3 жыллық бағдарламаларын тыӊлаў ҳәм усы тийкарда усыныс бериў бойынша мәселелер көрип шығылды.

Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкер шөлкем басшылары  ҳәм депутатлардыӊ пикир- усыныслары тыӊланды.

Сессия жуўмағында биринши мәселе бойынша  Халық депутатлары Елликқала районлық Кеӊесиниӊ  тийисли қарары жойбары тастыйықланған болса, екинши мәселе бойынша депутатлар тәрепинен даўыс бериў арқалы мектеп директоры лаўазымына талабанлар белгиленип, олар Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине усыныс сыпатында жиберилди.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги