Шоманай районы Ишки ислер бөлиминде  Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-март күнги ПП-6196-санлы Пәрманы тийкарында  Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ишки ислер уйымлары жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде,  районлық  Ишки ислер бѳлими профилактика инспекторларына  Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен компьютер топламын тапсырыў мәресими болып өтти.

Өткерилген бул илажда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев,  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниӊ  орынбасары Ѳ.Турдыбаев, ИИМ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасы ныӊ бѳлим  баслығы Ж.Шарипов, ИИМ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасыныӊ инспекторы А.Алимбаевлар шығып сөйлеп аймақларда жынаятшылықтыӊ алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде профилактика инспекторларыныӊ атқарып атырған хызметлерин жоқары баҳалады ҳәм  районлық Ишки ислер бөлиминиӊ профилактика инспекторларына  13 дана компьютер топламын  саўға етти.

Илажға Шоманай районы прокуроры М.Оразбаев ҳәм районлық ИИБ баслығы П.Искендеровлар қатнасты.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги