Кипрли келиншек дүньядағы ең узын фатасы себепли Гиннестиң рекордлар китабына кирди. Бул ҳаққында «Hindustan Times» редакциясы хабар бермекте.

Мағлыўматларға бола, Мария Параскева тиккен бул келинлик бас кийиминиң узынлығы – 6962 метр.

«Балалығымнан ең узын фата бойынша Гиннес рекордын жаңалаўды әрман еткенмен. Кунгиралы харирди узынына жайып шығыў ушын 30 кеўилли алты саат тер төгиўине туўра келди»,-дейди ҳаял.

Гиннестиң рекорлар китабы «Instagram»ындағы рәсмий аккаунтта Параскева келинлик фатасын кийип түскен ролик пайда болды. Қызығы, видео 25 мыңнан аслам лайк жыйнаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги