9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы
Конституциясы қабыл етилген күн
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы – Қарақалпақстан Республикасының тийкарғы нызамы, жоқары юридикалық күшке ийе болған сиясий-ҳуқықый ҳүжжет болып, 1993-жылы 9-апрель күни 12-шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XII сессиясында қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары менен нызамларының сөзсиз үстинлиги мойынланады. Конституция мәмлекеттиң нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет етпекте.
Конституция алғы сөз, 121-статьяға бөлинген 6 бөлим, 26 баптан ибарат.
Конституцияның алғы сөзинде конституцияны қабыллаўдың мақсети белгиленген.
Биринши бөлимде тийкарғы принциплер: мәмлекетлик суверенитет, халық ҳәкимияты, Конституция ҳәм нызамның үстинлиги, Қарақалпақстан Республикасының халықаралық ҳәм сыртқы экономикалық қатнасықларына арналған.
Конституцияның 11-статьясында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик ҳәкимият системасы – ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларына бөлиниў принципине тийкарланатуғынлығы белгиленген.
Екинши бөлимде адамның ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери беккемленген.
Өзбекстан Республикасында бирден-бир пуқаралықтың белгилениўине муўапық Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасы Өзбекстан Республикасының пуқарасы болып табылады.
Үшинши бөлим жәмийет ҳәм шахс деп аталып, онда жәмийеттиң экономикалық тийкарлары, жәмийетлик бирлеспелер, шаңарақ ҳәм ғалаба хабар қуралларына арналған.
Конституцияның 14-бабы шаңараққа арналған болып, ата-аналардың балаларын ержеткенге шекем тәрбиялаўы, балалар ержеткеннен кейин ата-аналарына ғамхорлық көрсетиў миннети белгиленген.
Төртинши бөлим Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилисине бағышланған.
Бесинши бөлимде мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў белгиленген. Усы бөлимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының ўәкилликлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы ҳәм оның ўәкилликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың тийкарлары, Қарақалпақстан Республикасының суд ҳәкимияты ҳәм сайлаў системасы, конституциялық бақлаў, прокуратура, финанс ҳәм бюджет бапларын өз ишине алады.
Алтыншы бөлим конституциямызды өзгертиў тәртибин белгилейди.
Конституцияға өзгерис киргизиў басқа нызамларға қарағанда қурамалы есапланады.
Конституцияға өзгерис Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы менен ямаса Қарақалпақстан Республикасы референдумы менен киргизиледи.
Ҳәзирги күнге келип, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылдың 26-февраль, 1995-жылдың 31-октябрь, 1997-жылдың 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь ҳәм де 2019-жыл 29-июньдағы сессияларда өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң тийкарғы кепили сыпатында халқымыздың арзыў-әрманларын, мақсетлерин жүзеге шығарыўшы ең әҳмийетли ҳүжжет болып хызмет етпекте.
Б.Юсупов,
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы
Юридикалық хызмети бас инспекторы,
бажыхана хызмети майоры,
3-дәрежели әдиллик кеңесшиси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги