Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жоқары лаўазымларда ислеўши таныслары арқалы жумысқа орналастырып бериў ушын 6,5 миллион сум пул талап еткен пуқара усланды.

Нөкис қаласындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң биринде тәрбияшы болып ислеўши О.исмли шахс пуқараның исенимине кирип, оны мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумысқа орналастырып бериўди ўәде еткен. Буның ушын соралған  6,5 миллион сумның 5 миллион сумын  усы жылдың 29-март күни саат 16.30 лар шамасында ўәде етилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң алдында алдаўшылық жолы менен алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 5 миллион сум пул айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы