Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нөкис қалалық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында және бир алдаўшылық жынаяты ашылды.
А.исмли шахс пуқараның исенимине кирип, 5000 АҚШ долларына акционерлик-коммерциялық банк басқарыўшысы болып ислейтуғын өмирлик жолдасы арқалы өзине 2 миллиард сум, апасына 400 миллион сум кредит қаржысын шығарып бериўди ўәде еткен. Соннан 1500 АҚШ долларын усы жылдың 27-март күни алған болса, қалған 1500 АҚШ долларын 30-март күни саат 16.00 лер шамасында Нөкис қаласындағы «Мега Нукус» саўда орайы жанындағы автомашиналар туратуғын орында алдаўшылық жолы менен алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 1500 АҚШ доллары айғақлы зат ретинде алынды.
Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы