Талантлар өзинен-өзи пайда болып қалмайды. Ал, оларды орталық, жағдай, жыллар даўамында алынған билим, қунт, саўат, машақатлы мийнет  қәлиплестиреди. Бәлким балалықта көрген мийнетлери, көрген қыйыншылықлары инсанның келе болыўында қандай да бир мәнисте әҳмийетке ийе болса әжеп емес.

Атақлы алым Марат Нурмухамедовтиң өмир жолы ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысып, сондай жуўмаққа келиў мүмкин. Ол  1930-жылы  Қарақалпақстанның Төрткүл районында атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Көптилеў Нурмуҳамедов және Пердегүл апа Нурмуҳамедова шаңарағында дүньяға келди. Өткен әсирдиң  30-жыллары қурғағы да,  жасы да қосылып алысып жанып атырған ўақыт еди. Бирақ қурамалы дәўирдиң репрессивлик  машинасы талантлы, жоқары потенциаллы, кең дүньятаным ҳәм еркин ой-пикир ийелерин еки шайнап  бир жутыўға масластырылған еди. Марат жети жасқа жеткенинде әкеси «халық душпаны» сыпатында репрессияға ушырайды. 1957-жылға шекем бул шаңарақтың  басы қыйыншылықтан шықпаған, жас Мараттың тәрбиясы еки әззи, әмеңгерсиз ҳаял – кемпир апасы ҳәм анасына қалған еди. Шаңарақтағы бес перзенттиң үшеўи ашлық ҳәм тойып аўқатланбаўдан қайтыс болған. Тәғдирдиң соққылары, түрли қыйыншылықлар  Мараттың өмирде және де жуўапкерли, күшли ерк-ықрарлы, мақсетке қарай умтылыўшаң болып өсиўине өзине тән түртки болды, десек қәтелеспеген боламыз. Болажақ илимпаз өмири даўамында әкесиниң жарқын естелигине мүнәсип перзент болыўды шын жүректен ант еткен еди.

Ол балалықтан тарийх, әдебият, фольклористикаға қызыққан еди. Марат соңынан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында билим алды. Ҳәттеки «Репрессияға ушыраған атаның перзенти», деген бәләәтлеўлер де Мараттың илим менен шуғылланыўы, излениўи, қарақалпақ әдебияты бойынша диссертация жумысын қорғаўына тосқынлық ете алмады. Еле отыз жасқа толмасынан ол илимий диссертациясын табыслы қорғап шықты. Жас болыўына қарамастан, илимий-изертлеў институтында мийнет етиўи менен бирге педагогикалық институтта студентлерге сабақ берди. «Әмиўдәрья» журналында редакторлық етти. М.Нурмуҳамедов Илимлер академиясының сол дәўирдеги Тил ҳәм әдебият институтында, академияның тилбилимин, тарийх, әдебияттаныў бағдарында басшы сыпатында жемисли жумыс алып барды.

Мийнеткеш илимпаз дүньяның түрли тиллеринде жәрияланған  400 ден аслам монография, китап, сабақлықлар, илимий мақалалардың авторы еди. Тюркологияны аймақларға ажыратпаған ҳалда бир тутас  үйрениўде, И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи фондының қәлиплесиўине жәрдем бериўинде илимпаздың үлеси оғада үлкен болып есапланады. Марат Нурмуҳамедов Арал апатшылығын еле ғалаба хабар қуралларында айтылмасынан бурын – 1984-жылы үлкен дәрт, гүйзелис пенен Шыңғыс Айтматовқа  жоллаған хатында күйинип жазған еди. Бир сөз бенен айтқанда, Марат Нурмуҳамедов тәғдириниң сынақ ҳәм соққыларына билим, излениў, қунт, ерк-ықрар, саўаты менен мүнәсип жуўап бере алған илимпаз.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасында «Мүриўбет» дөретиўшилик топары менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда  атақлы алым, академик Марат Нурмуҳамедовтиң өмири, жумысы, илимге  қосқан үлеси, өмири даўамында перзентлик, пуқаралық парызына қаншелли мақтаныш пенен қатнас жасағаны ҳаққында ҳәр тәреплеме атап өтилди. Илимпаздың естелигине бағышлап «Baktria press» баспасында басып шығарылған «Академик Марат Нурмуҳамедов. Секириў» («Прыжок») китабының презентациясы болып өтти. Китап илимпаздың еске түсириўлери, күнделикли ҳәм архивлик мағлыўматлары, қолжазбаларынан үзиндилер, яднамалары, тарийхый фотосүўретлерди өзинде жәмленгени менен әҳмийетли болып есапланады.

 

Назокат УСМАНОВА, ӨзА