Усы жыл 1-апрель күни Мойнақ районы «Арал» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары С.Илясов, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балаларды ҳәр тәреплеме жетилискен инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16 январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Инвестиция» бағдарламасына киргизилген 100 орынға мөлшерленген 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының қурылысына 3,5 миллиард сум қаржы ажырытылып, «PROF STORY» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қысқа мүддетте сапалы етип питкерилди. Бул жерде балалар ушын барлық шараятлар жаратылған. Соны да айрықша атап өтиў керек, усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумысқа қабыл етилген 10 жас Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районына берилген жеңиллик тийкарында жоқары оқыў орнының сыртқы бөлиминде билим алмақта.

Илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Усы күни райондағы «Жәйхун» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 16-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты да пайдаланыўға тапсырылды. 60 орынға мөлшерленген жаңа имарат ушын 2,8 миллиард сум жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылды.

Районда еки мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылыўы менен жумыссыз, «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген 49 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы