Профессор Тәжен ИЗИМБЕТОВтың 90 жыллығына
Әдебиятта ара-тура ретли орынларда «алпысбай», «алпысбайлар» (шестидесятник, шестидесятники) деген термин ислетиледи. Бул термин рус әдебиятынан өзлестирилген болып, ол адамның исмин аңлатпайды, ал 1920-жыллардың орталарынан баслап 1940-жыллары туўылып, әдебиятта өзиниң алдынғы демократиялық идеяларын сәўлелендирген зәбердес жазыўшыларды, шайырларды атайды. Соңғы ўақытлары усы термин менен илимде, көркем өнер тараўларында хызмет көрсеткен, сондай-ақ жәмийетлик турмыстың раўажланыўына үлкен үлеслер қосқан сиясий-жәмийетлик ғайраткерлерди де атайды. «Алпысбайлар» жоқарыда көрсетилген мүддетлерде туўылып, 1950-жыллардың ақырында ҳәм 60-жыллары сталинлик қысымлардан, қорқынышлардан босанып, «Хрущёв қуяшламасында» (Хрущёвская оттепель) жылынып (демек, еркин нәпес алып), келе болған көркем әдебият, көркем өнер, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер болып табылады (атаманың мәниси).
Алпысбайлар жасындай жарқ етип жаслай шықты, тусаўдан босанған тай-ғунанлардай атлығып шықты. Олар 20-30 жаслардың ишинде дәсте-дәсте жақсы ғана китаплар жазып таслады, илим кандидатлары, илим докторлары болды, үлкен-үлкен мәкемелерге басшылық етти, айырымлары, ҳәттеки, республика көлеминдеги басшы лаўазымларда табыслы иследи. Қарақалпақстандағы алпысбайлар раўажланыўдан кешеўиллеп қалған Республиканың келешеги ушын жан-тәнин аямай берилип иследи. Олардан ҳәзир аман-есен мүбәрек 95 жасын қарсылап атырған, ел-халық ардағында жүрген Мийнет Қаҳарманы Қәллибек Камаловты, академиклер Марат Нурмуҳаммедовты, Сабыр Камаловты, Чаржаў Абдировты, Жуманазар Базарбаевты, Ҳуснитдин Ҳамидовты, илим докторлары, профессорлар Досжанбай Насыровты, Сражатдин Ахметовты, Камал Рзаевты, Қабыл Мақсетовты, Камал Мәмбетовты ҳүрмет пенен атап өтсек болады. Олардың ҳәр бирине арнап бир-бир китаптан жазса, көп болмас еди.
Усындай зәбердес алпысбайлардың ишинде мийнеткеш, талапшаң, пидайы философ алым, профессор, үлкен жәмийетлик ғайраткер Тәжен Изимбетовтың орны өз алдына. Оған китапларда көп айтылатуғын «бахытлы балалық» буйырмады. Ата-анасынан жаслай айрылып, туўысқан қыз апасының қолында болған. Бирақ туўысқанның да туўысқаны бар. Айырым ўақытлары басқа ис түскенде туўысқанның да пейли тарылып, қолы қысқарып қалатуғын жағдайлары болады. Бирақ Тәжен Изимбетовтың туўысқаны Қалжан апа ҳақыйқый жан ашыр болды. Сол апаның жәрдеминде ол өмирге өзинше қәдем басатуғын дәрежеге жетти. Турмыстың көп сынақларынан өтип аяққа турғаннан соң Тәжен аға қыз апасын Шымбайдан Нөкиске өзиниң жанына көширип әкелип, мудамы ғамхорлық етти. Бул да үлкен адамгершиликтиң белгиси.
Жас Тәжен мектепте илгир зейинли оқыўшы, аспанда айды гөзлейтуғын, келешек туўралы көп әрманлайтуғын бала болды. Усы асаў әрманлар оны келешекке жетелеген еди. Егерде адамзат әрман жетегинде жүрмегенде, әрманларын иске асырыўға умтылмағанда ертеклердеги ушар гилем самолётқа айланар ма еди, айнайы жәҳән телевизорға айланар ма еди? Мийнеткешлигиниң, талапшаңлығының, умтылыўшаңлығының нәтийжесинде Тәжен Изимбетов дәслеп 1947-жылы Шымбай педогогикалық училищесин, соңынан 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтын ағла дәрежеде питкерип шықты ҳәм усы институтта философия пәниниң оқытыўшысы болып мийнет жолын баслады. 1962-жылы аспирантура курсын Москва қаласында питкергеннен соң усы қалада СССР Илимлер Академиясының Философия институтының Илимий Кеңесинде диссертация жақлады ҳәм Қарақалпақстанда философия бойынша биринши илим кандидаты болды. 1961-жылы 30 жасында оны педогогикалық институттың проректоры лаўазымына тайынлады. Ал, 1966-жылы 35 жасында усы пединституттың ректоры лаўазымына бекитилди. Алды-артын, оңы-солын енди айырып атырған 35 жастағы жигитке көп мыңлық студентлер ҳәм оқытыўшылар жәмәәтине ийе институтқа басшылық етиўди исенип тапсырылғанына ҳәзир ҳайран қаласаң. Бирақ сол жыллары қолынан ис келетуғын, талантлы, омыраўлы жигитлер (алпысбайлар) топарда айрылып аренаға шыққан еди. М.Нурмуҳаммедов 29 жасында (1959-жылы) жаңадан шөлкемлестирилген Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының баслығы, 31 жасында (1961-жылы) Қарақалпақстан областлық партия комитетиниң идеология мәселелери бойынша секретары (халық тилинде үшинши обком) болды. К.Рзаев 31 жасында (1961-жылы) Нөкис пединститутының ректоры болып ислей баслады. Ал, Қ.Камалов 37 жасында (1963-жылы) Қарақалпақстан обкомының биринши секретары (сол партиялық басшылық дәўиринде әмелде Республиканың биринши басшысы) болып табыслы хызметлер алып барды. Тәжен Изимбетов та усындай топты айырған талантлы жигитлердиң бири еди. Усы ректорлық лаўазымда ол өзиниң әжайып шөлкемлестириўшилик уқыбын көрсетти. Оның басшылығында пединституттың тәлим-тәрбия ҳәм илимий жумыслары раўажланды, материаллық-техникалық базасы беккемленди, әсиресе жоқары маманлықтағы илимий-педогогикалық қәнигелер таярлаў бойынша үлкен жумыслар алып барылды. Мениң Нөкис пединститутында оқыған студентлик жылларым (1965-1970) Т.Изимбетовтың усы институтта ректор лаўазымында ислеп атырған ўақтына туўра келеди. Студент болсақ та шебер ҳәм талапшаң басшылықтың, қатаң тәртиптиң тәсирин сезетуғын едик: институтқа кирген жерде студентлер қыс айында сырт кийимлерин нәўбетшилерге тапсырып кетеди, ишкериде жигитлер-қызлар шырайлы жеңил кийимлер менен сүйкимли көринисте суп-сулыў болып жүреди, себеби аудиториялар күтә жыллы, таза, жағымлы, сабақлар белгили ўақытта басланады. Сабақ ўақтында узын коридорлар тым-тырыс, олай-былай жүргенлер жоқ, егер кимде-ким набада коридорда жүриўге мәжбүр болып қалса, ол аяғының ушынан басып тынышлықты сақлап жүреди. Жатақханалар сол дәўирдиң шараятларына сай қолайлы, таза, асханаларда аўқатлар күтә арзан баҳада, спорт зал, спорт майданшалары мудамы ашық, студентлер хызметинде, ҳәр қыйлы спорт секциялары турақлы ислеп турады.
Усы жыллары педогогикалық институттың базасында Қарақалпақ мәмлекетлик университетин ашыў мәселеси көтерилип, Республика басшылығы бул бойынша таярлық жумысларын алып барыўды Т.Изимбетовқа тапсырған еди. Ол бул жумысты жан-тәни менен берилип иследи. Болажақ университеттиң дүзилиси, қурылысы бойынша барлық тараўларды қамтыйтуғын тийкарғы ҳүжжетлерди таярлаўға тиккелей өзи басшылық етти. Жаңа университетти ашыў ушын Т.Изимбетовтың хызмети уллы болды. 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ашылып, Т.Изимбетов оның оқыў ислери бойынша проректоры етип тайынланды. Ол жоқары оқыў орнының жумысларын жетик билетуғын қәниге ретинде жаңадан шөлкемлестирилип атырған университеттиң аяққа турып жолға түсип кетиўине, оқыў-методикалдық ҳәм тәрбия жумысларын шөлкемлестириўде, жаңа факультетлер менен кафедралар ашып, олардың жумысын жолға қойыўда шаршамай хызмет етти.
– Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийхында оқыў ислери бойынша проректор лаўазымында Тәжен Изимбетов ислеген дәўирди оқыў-тәрбия жумысларын табыслы жүргизиўдиң алтын дәўири деп есапласақ дурыс болады, – дейди оның шәкиртлериниң бири, усы университетте оқыў ислери бойынша проректор болып ислеген профессор Бахтияр Әбдикамалов. – Жоқары билим бериўдиң профессионалы, ҳәр тәреплеме терең саўатлы ҳәм принципиал басшы университетте тәлим-тәрбия жумысларын жүргизиўдиң өзине тән традициясын дөретти ҳәм усы традиция менен жумыс ислеў университетте елеге шекем сақланып киятыр, деп ол өз пикирин даўам етеди. (Дәрек: Изимбетов Т. Океан бойлап бес елге саяхат. Нөкис, «Қарақалпақстан», 2011, бет 87).
Т.Изимбетов пединституттың ректоры (1966-1976), университеттиң проректоры (1976-1982) лаўазымларында ислеген ўақытлары Москва, Ленинград, Киев, Ташкент, Новосибирск, Красноярск, Алма-Ата сыяқлы белгили илим орайларына уқыплы жасларды аспирантураға оқыўға үзликсиз жиберип турды. Нәтийжеде Қарақалпақстан илими, жоқары билим бериў тараўы жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толысты. Олардан Қ.Өтениязов (1989-2005 жылларда университет ректоры), А.Дәўлетов (соңынан академик), М.Якубов, Д.Сабурова, Ө.Нурлепесов, Р.Сейтназаров, А.Отаров, М.Ибрагимов, А.Жәримбетов, Б.Әбдикамалов, М.Қалниязов, Л.Хван, М.Турсынмуратов ҳ.б. жетик қәнигелер болып шықты ҳәм узақ жыллар илимий-педогогикалық хызметлер алып барды. Ҳәзир олардың бир қатары арамызда жоқ, бирақ олардың хызмет жолын өзлери тәрбиялаған шәкиртлери даўам етип атыр.
Бизлер елге хызмет еткен белгили тулғаларды юбилей себепли еске алатуғын болсақ, олардың үлкен ислерин, ири-баслы хызметлерин көрсетиўге әдетленгенбиз, ал ҳәр қандай уллы ис кишкене, майда жумыслардан басланып, соңынан уллы болатуғынлығын ескере бермеймиз. Илимпазлардың том-том китаплары, дәсте-дәсте мақалалары туўралы аўыз толтырып айтамыз да, бирақ олардың сабақ оқытыў, тәрбия жумысларын майдасынып сөз етпеймиз. Мақаламыздың қаҳарманы профессор Тәжен Изимбетов, мине, усындай майда жумысты уллы деп қарайтуғын, сабақ оқытыўдың нағыз устасы, пидайысы еди.
Мен Т.Изимбетов пенен университеттиң этика, эстетика ҳәм илимий атеизм кафедрасында тиккелей бирге ислескен жыллары (1982-1985) оның жумыс стили менен жақыннан таныс болдым. Ол ҳәр қандай жумысқа үлкен жуўапкершилик пенен қарайтуғын еди ҳәм оны өз ўақтында сапалы орынлаўға ҳәм орынлатыўға ҳәрекет ететуғын еди. Әсиресе, устаздың мен ҳүрмет ететуғын қәсийетлериниң бири бул оның оқыў, сабақ оқытыў ислерин ҳәмме нәрседен жоқары деп билиўи еди. Сабақты ол мойынға жүкленген ўазыйпа деп емес, ал қандайда бир муқаддес, кийели ис деп билер еди.
– … Тәжен аға бизлерге философия пәнинен сабақ берген еди. Ол өзиниң мәмлекетлик, жәмийетлик жумысларының оғада көп болыўына қарамастан сабақты үзилиске түсирмейтуғын, лекцияға бир минут та кешигип келмейтуғын, өзине де, өзгеге де талапшаң педогог еди, – деп еске түсиреди оның шәкиртлериниң бири академик Абат Дәўлетов. (Дәрек: Изимбетов Т. Океан бойлап бес елге саяхат. Нөкис, «Қарақалпақстан», 2011, бет 67).
Оның ис тәжирийбесинде жумысы шығып қалса ямаса басқа жағдай болып қалса, сабағын оқытыўды шәкиртлерине тапсырып кетиў деген болмайды, бундай әдет оның түсинигинде жоқ. Бундай тәжирийбени ол, ҳәттеки, үлкен лаўазымларда, мысалы, Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутының ректоры, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң проректоры болып ислеген ўақытлары да қолланған емес.
– Тәжен аға өзиниң жумысына жүдә жуўапкерли болды. Өзиниң оқытыўшылық кәсибин лаўазымынан жоқары қоятуғын еди, – деп еслейди Т.Изимбетовтың ректор ўақтында студент болған, оннан философия пәни бойынша тәлим алған, соңынан илим докторы, профессор дәрежесине жетискен, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағының ийеси Мақсет Ибрагимов. (Дәрек: «Еркин Қарақалпақстан» 31-март 2011-жыл).
– Мен лекция сабағымды қалай басқа биреўге тапсыраман? Ақыры, онда мениң айтатуғын өз пикирлерим бар, белгили мәселелерге өзимниң көзқарасларым бар. Өтилетуғын сабаққа оқытыўшы өзиниң билимин, көзқарасларын сиңдириўи керек, – дейтуғын еди ол жоқарыдағы мәселе туўралы әңгиме болған жағдайда. Оның бул тәжирийбеси көплеген профессор-оқытыўшыларға, соның ишинде маған да үлкен сабақ болды.
1980-жыллардың ақырына таман бурынғы Советлер аўқамының жетекши күши болған Коммунистлик партияның кең халық арасында абырайы түсип, тәсир күши төменлеп кетти. Ҳәттеки, партия басшыларының өзлери де коммунистлик идеологияның гөнерген, тәсир күши қалмаған консерватив догмаларына, яғный турмыстан көп артта қалған қағыйдаларына исенбейтуғын болды. Нәтийжеде Аўқам ыдырап қулады, Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ийе болды. Усындай турмыс, жәмийет жағдайлары, ой-пикирлер дүньясы бир жөнге түспеген алғаў-далғаў дәўирде Т.Изимбетов терең билимли философ алым сыпатында ғәрезсизлик идеяларын алдынғы демократиялық идеялар, улыўма гуманизмниң қурам бөлеги түринде қабыллай алды ҳәм оларды халық санасына, әсиресе жаслар санасына сиңириў зәрүрлигин билди. Усы ийгиликли мақсеттен келип шығып Т.Изимбетов «Халықтың ҳәзирги дүньяға көз-қарасын, миллий ғәрезсизлик идеологиясын қәлиплестириў концепциясы» темасында илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестирди ҳәм бул жумысларды орынлаў бойынша мәмлекетлик грантты жеңип алды.
Ғәрезсизлик идеяларының мазмунын ашып беретуғын, студентлердиң, улыўма кең оқыўшылардың қабыллаўына, түсиниўине қолайластырылған оқыў-методикалық қолланбалар жазды, баспадан шығарды. Олар ғәрезсизлик идеяларын түсинип жетиў ушын студентлерге жақсы ғана оқыў қураллары болып хызмет етти.
«Профессор Тәжен Изимбетов елимиздиң раўажланыўы жолында шын кеўилден мийнет еткен, ғәрезсизлигимиз ҳәм мәмлекетимиздиң өзине тән раўажланыў жолының мәнисин терең аңлаған, жәмийетимиздиң барлық салаларындағы реформаларды тереңлестириўдеги үлкен ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда өзиниң бар күш-ғайратын, билимин, профессионал қәбилетин аямаған пидайы инсанлардан» деп баҳа береди оның менен бир кафедрада ислеген, Өзбекстан Олий Мәжилисиниң еки рет депутаты болған, ҳәзирги ўақытта усы Олий Мәжилис Сенатының сенаторы Улығбек Жәлменов.
Тәжен Изимбетов ўәде етсе орынлайтуғын бир сөзли, ҳақыйқатшыл адам еди. Әдил басшы болған еди. Әдилликти тек қараўындағы адамлар арасында ғана емес, ал өзинен лаўазымы жоқары адамлар алдында да тартынбай қорғай алатуғын, өз пикирин өткере алатуғын аўыр салмақтағы абырайлы басшы еди. Әдил пикир айтыўда, әдалатлықты қорғаўда ол айта жүргендей дәўжүрек адам еди. Ол ҳәр тәреплеме раўажланған үлкен тулға еди.
Өткенлерди, өтмишти еске алғанда тек информация ушын, билиў ушын емес, ал олардан бүгинги күни сабақ алыў ушын еслеймиз. Профессор Тәжен Изимбетов бүгинги әўлад, ҳәттеки келешек әўлад ҳәр тәреплеме үлги алатуғын, әўладлар ҳүрметине ылайық үлкен устаз, үлкен шахс, ел хызметине өмирин арнаған пидайы азамат еди.
Қурбанбай Жәримбетов.
Филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан
Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы 1-апрель №39-санынан
Қарақалпақстан хабар агентлиги