Қарақалпақстан Республикасында бириншилерден болып Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларында быйылғы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси жумыслары басланды.

Усы мүнәсибет пенен Елликқала районы «Худайберген Эрназаров» фермер хожалығында өткерилген көргизбели семинарда  сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханаларының басшылары менен қәнигелери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды шигит егисиниң басланыўы менен қутлықлады ҳәм фермерлерге мол қырман тиледи.

Атап өтилгениндей, районда егис жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша айтарлықтай таярлық жумыслары алып барылды. Районда быйылғы жылы 10195 гектар майданға шигит егилип, мол өним жетистириў нәзерде тутылған. Буның ушын ҳәзирги ўақытта 32 отряд шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Буның ушын қолда бар техникалардан  нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Нураний аталардың дуўасы менен усы күни дәслепки майданларға шигит себилди.

Шигит егисине бағышланған көргизбели семинар Беруний районы «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Нурислам Амира», Төрткүл районы «Тозабоғ яп» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Мансур ММ» фермер хожалықлапрында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги