Белине белбеў байлаған палўан, дәслепки қәдемлеринде мың ширенбесин, «қур»ға түспей, оның ҳаўасын жутпай, жеңимпазлықтың мазасын тата алмайды.
Ҳақыйқый палўан «қур»да тапланады. Ол, ел-халықтың көз алдында қаншама көп ар-намыс таласып гүрессе, физикалық ҳәм руўхый жақтан жеңилмес палўан болып жетилиседи.
Бәрибир, толайым-журт жыйналған үлкен қурдың жүги өз алдына таптырмайтуғын бир мектеп. Бул жерде тәжирийбе, илим, шеберлик, ең әҳмийетлиси ертеңги күн ушын нық қәдем тасланады.
Соның ушын да, елимизде жас әўлад ийелерин Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, Ана-Ўатан топырағын қәстерлеп, оның шегараларын көздиң қарашығындай қырағылық пенен қорғаў, әсиресе, миллий армиямыздың әскерий техникалары, қурал-жарақлары менен жақыннан таныстырыў бойынша ибратлы жумыслар жолға қойылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги менен Халық билимлендириў министрлигиниң қоспа қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары менен биргеликте бир күнлик дала-оқыў майданында оқ атыў қуралынан пайдаланыў бойынша шынығыўларды әмелге асырыў кестеси тийкарында Арқа-Батыс әскерий округиниң «Нөкис» дала-оқыў майданында теориялық билимлерин әмелиятта өтиў бойынша илажы өткерилди. Ең баслысы, бундай илаж Өзбекстан көлеминде биринши мәрте республикамызда өткерилиўи менен де әҳмийетли ўақыя саналады.
Усы жылдың 29-март күни жақында ғана капитал оңлаўдан шыққан ҳәм көркем түске енген Арқа-Батыс әскерий округиниң дала-оқыў майданында Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң 300 ге шамалас 11-класс оқыўшылары әскерий оркестрдиң шадлы намалары астында күтип алынды. Итибарлысы, жаслар әне усындай үлкен майданда мәрдана түрде сынақтан өтти. Олар, «Нөкис» дала-оқыў майданында өткерилген дала шынығыўларында мүнәсип түрде қатнасты.
Бул дала шынығыўларын өткериўдеги гөзленген тийкарғы мақсет — мектеплерде жаслардың «Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық» пәнинен алған теориялық билимлерин әмелиятта өтиўден ибарат болып есапланады. Себеби, елимизде жасларды әскерий хызметти атқарыўға таярлаўдың дәслепки тырнағы мектепте қаланады. Атап өтилген пән, жасларды Ўатанына садық болыўға тәрбиялайды.
«Нөкис» дала-оқыў майданы шынығыўында Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы полковник Ф.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары Ш.Таджимуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларды әскерий шақырыққа таярлаўда Өзбекстан Республикасы Президенти Қураллы Күшлер Бас сәркардасы Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң мәрт жаўынгер азаматлары етип тәрбиялаў жолында кең имканиятлар жаратылып, айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Оқыўшылар дала полигонындағы әскерий техникалар менен танысты. Полигонда офицер ҳәм сержантлар басшылығында оқыўшыларға техника қәўипсизлиги, қурал-жарақлардан пайдаланыў бойынша түсиниклер берилди. Атап айтқанда, автомат қуралын оқлаў, нышанды анық гөзлеўге үйрениў, ҳәр түрли жағдайларда да қуралды атыўға таярлаў, автоматты бөлеклерге бөлиў ҳәм жыйнаў шынығыўларын оқыўшылар қызығыўшылық пенен орынлады.
Дәслепки мәрте жаўынгерлик қуралды қолға алыў, адамның ядында бир өмир мөрленип қалады. Туңғыш мәрте, қуралдан әмелий оқ атыў шынығыўларын орынлап атырған жаслардың ҳәрекетлерин тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар қадағалап барды. Шынығыўлар барысында ҳәр бир оқыўшы 100 метр узақлықтағы нышанға қарата 3 мәрте оқ атып, теориялық билимлерин беккемледи. Лекин, дәслепки рет қолына қурал услағанлар арасында мергенлер барлығы көпшиликти, ҳәттеки тәжирийбели офицерлерди де таңландырды.
— Мектепте қурал жарақ бойынша теориялық жақтан үйренген өз жолына екен. Мине, туңғыш мәрте ҳақыйқый қуралды қолыма алғанымда, азыкем албырадым. Соңынан өзимди, руўхый жақтан таярлағанымнан кейин, гөзлеген нышанымды мүлт жибермей тийгиздим. Тап усы мәўритлерде, өзимди сапта турған әскердей сезип турғанымнан қуўанышлыман. Келешекте, әлбетте, Ўатанымды қорғаў ушын миллий Армиямызда жигитлик парызымды атқарыўды кеўлиме түйип қойдым,-дейди Нөкис қалалық 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Жандос Юлдашбаев толқынланған түрде.
Буннан тысқары, «Нөкис» дала-оқыў майданында бой көтерген миллий қара үйде Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы полковник Ф.Шерматов бир топар оқыўшылар менен ушырасып, миллий Армиямыздағы әмелге асырылып атырған реформалар, әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған мүмкиншиликлер туўралы гүрриңлесиў өткерип, жасларды қызықтырған сораўларға жуўаплар берди. Болажақ Ўатан қорғаўшылары граната ылақтырыў, психологиялық сынақтан өтиў сыяқлы бир неше шынығыўлардан өзлерин сыннан өткерди.
Қонысбай РЕЙМОВ,
журналист.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы
1-апрель №39-санынан
Қарақалпақстан хабар агентлиги