Панамерика қылышпазлық конфедерациясының техникалық директоры, қылышпазлықтың шпага түринен Өзбекстан сайланды командасының тренери, венесуэлалы Хосе Бенавидес бир ҳәпте даўамында республикамызда болып, спортшылар ҳәм олардың тренерлери ушын шеберлик сабақларын өтти.
Республикамызда бул спорт түри 2018-жылдан баслап ашылды. Биринши тренер Бекмурат Жақсымуратов болып табылады. Бүгинги күни шпага менен 60 қа жақын спортшы шуғылланбақта.
Спортшыларымыз Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарысларына турақлы қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Усы жылдың февраль айында 2004-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағылар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында қарақалпақстанлы ер балалар улыўма командалық есапта биринши, қызларымыз екинши орынды ийелеп қайтты. Жеке есапта Дилназ Мурзатаева екинши, Азамат Қудайбергенов үшинши орынларды ийеледи.
Сондай-ақ, 2008-2009, 2010-2011-жыллары туўылған спортшылар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында да республикамыз командасы жақсы нәтийжелерге еристи. Бул жарыста қызлар командасы екинши, ер балалар командасы үшинши орынды ийеледи. Жеке есапта 2008-2009-жыллары туўылған қызлар арасында Тумарис Салиева биринши, Дилобар Асетова үшинши, ер балалар арасында Ықлас Пирлешбаев пенен Казбек Утеназаров үшинши, 2010-2011-жыллары туўылғанлар арасында Қәллибек Қурбанбаев биринши, Қоблан Камалов үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Ҳәзирги ўақытта республикамыздың спортшыларынан Дилназ Мурзатаева, Бийбимәрям Сапарова, Азамат Қудайбергенов ҳәм Аллаяр Салиевлар қылышпазлықтың шпага түринен Өзбекстан сайланды командасының ағзалары болып табылады.
Өзбекстан Миллий Олимпия комитети, Өзбекстан қылышпазлық федерация, оның Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген оқыў-семинарында спортшылар ҳәм олардың тренерлери белгили қәнигеден қылышпазлықтық шпага түринен психологиялық таярлық, жоқары тезликте ҳәрекетлениў, алдамшы, шақырыўшы ҳәм тез ҳүжим, оны қайтарыў, қарсы ҳүжимге өтиўди тез комбинацияластырыў сырларын үйренди. Соның менен бирге, жарысларға таярланыў барысында спортшыларда миллий мақтаныш, ел-журт алдындағы жуўапкершилик сезимлери оятыў менен бир қатарда, аўқатланыў рационы, тазалық, санитария-гигиена талапларына және мәўсимлик витаминлестириў жумысларына итибар қаратылды.
Тренерлер ушын шөлкемлестирилген семинарда спортшылар менен ислесиў ҳәм шынығыўлар пайытында итибар тийкарынан спортшыларды таярлаў барысында, олардың физиологиялық өзгешеликлерин есапқа алыў, олардың антропометрикалық көрсеткишлерине бейимлесип физиологиялық жүклеме бөлистириў, мотивациялық тренинглер өткериў, спортшыларды руўхландырыў, ҳәр қыйлы қызықлы ойынлар менен шалғытыў ҳәм тиклеў илажларын ўақтында әмелге асырыўға қаратылды.
-Өзбекстанға сырт елден үш тренер келген болсақ, мақсетимиз шпага бойынша сайланды команданың ағзаларын Олимпиада ойынларына, жәҳән чемпионаты ҳәм Азия ойынларына таярлаў болып табылады,-дейди Хосе Бенавидес.-Бунда қарақалпақстанлы спортшылар жетекши орынларды ийелейди. Олардың арасынан келешекте дүнья жүзине белгили спортшылар жетилисип шығыўына исенемен. Буның ушын толық мүмкиншиликлер бар.
Сырт елли қәниге тәрепинен өткерилген шеберлик сабақлары тренерлер ҳәм спортшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери