Америкалы илимпазлар коронавирустың тарқалыўында тийкарынан кекселер ҳәм толықтан келген адамларды айыплап атыр. Бул жуўмаққа олардың ҳаўаға шығарған бөлекшелерин үйрениў нәтийжесинде келинген.

Изертлеўге сүйенип «Известия»ның жазыўынша, жасы үлкенлер ҳәм дене салмағы индекси жоқары болған адамлар респираторлы тамшыларды басқаларға қарағанда көбирек шығарады екен.

194 саламат адамның шығарған ҳаўа бөлекшелери тексерилгенде аэрозоль бөлекшелери муғдарының көплиги анықланған, делинеди PNAS.org сайтында басып шығарылған мақалада.

Илимпазлар соны анықлады, тәжирийбе қатнасыўшыларының 18 процентине (35 адам) шығарылған аэрозолдың 80 проценти туўра келген. Бул болса супер тарқалыў феноменин тастыйықлайды. Онда дене салмағы ҳәм жас үлкен әҳмийетке ийе.

Басқа қәнигелердиң пикиринше, тек ғана дене ҳәм жасқа қарап жуўмақ шығарыў надурыс. Себеби шыпакерлер дүзген дизимге бола, вируслы жүклеме, инфекция жуғыў механизми, наўқастың иммунитети, басқа да патогенлер менен қосылып келген инфекциялар ҳәм ҳәр қыйлы штаммлар сыяқлы факторлар себепли вирус тез тарқалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги