Ҳиндстанлы Ражив Кумар электрон почтасына қәўетерли хат келгенинде, хакерлер қақпанына түсип қалдым деп қорқып кетти. Бул ўақыя ҳаққында «SecurityLab» жазбақта.

Электрон хаты жиберген «хакер» Кумардан 10 млн. рупий (137 мың доллар) талап еткен. Болмаса жеке сүўретлерин тарқатып жибериў менен қорқытқан. Кейин ала Кумар «хакерлер» өзиниң почтасын бузғанын, паролди ҳәм аккаунтқа жалғанған мобиль телефон номерин өзгерткенин билди. Кибержынаятшылар Кумарды ҳәм оның шаңарақ ағзаларын тынбай бақлап атырғанын да жазған.

Ражив Кумар полицияға шағым етти. Қәнигелер хат жибергенлердиң 8P -мәнзили Кумардики менен бирдейлигин анықлады. Яғный хат Кумардың үйинен жиберилген.

Кумардың 11 жасар баласын сораўға тутқаннан соң мәселе шешилди. Дәрҳал қылмысын мойнына алған баланың айтыўынша, «YouTube»дағы хакингге бағышланған роликлерден илҳамланып көнликпесин өмирде сынап көриўге қарар еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги