Пүткил дүньяда 4-январь күни саат 17:00 баслап Telegram  мессенджеринде техникалық машқалалар бақланды.

«Downdetector» мағлыўматларына бола, пайдаланыўшылардың 80 проценти қосымшаға кириўдиң имканияты болмай атырғаны, 19 проценти болса хабарларды жибериўде машқала бар екенлигин мәлим еткен. Ҳәзирде Telegram жумысы қайта тикленген.

Соңғы мәрте бундай техникалық үзилис 2020-жылдың  25-сентябрь ҳәм 16-декабрь күнлеринде дизимге алынған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги