Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Биз биргемиз», «Спорт-бул саламатлық ҳәм шаққанлық», «Саламат келешек-мәмлекет таянышы» сүренлери астында қайыр-сақаўат концерт бағдарламасы ҳәм спорт жарыслары болып өтти.
Халықаралық майыпларды қорғаў күни, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығына ҳәм 10-декабрь Инсан ҳуқықлары Деклерациясы қабыл етилген күнге бағышланып өткерилген илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында имканияты шекленген балаларды, майыплығы болған шахсларды социаллық жақтан қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Соның ишинде, олардың арасында түрли спорт жарыслары, мәдений илажлар өткериўге айрықша итибар қаратылмақта. Бунда «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси, оның Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.
Ашылыў салтанатында Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты жәмәәтине электрон тахта саўға етилди.
Буннан кейин республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ағзаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди. Сондай-ақ, қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатларының оқыўшылары, үй шараятында тәрбияланып атырған имканияты шекленген балалар арасында жеңил атлетика, бадминтон, стол тенниси, шашка ҳәм «Кеўилли стартлар» бойынша жарыслар өткерилди.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.
-Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет-имканияты шекленген балалар арасында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, олар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады,-дейди «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Гүлшад Турсымуратова.-Усындай илажлардың өткерилиўи нәтийжесинде имканияты шекленген болыўына қарамастан спортшыларымыз Қытай, Бельгия, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерде болып өткен жарысларға қатнасып қайтты. Сонлықтанда бул илажды өткериўге әмелий жәрдем көрсеткен республикамыздың басшылығына, жәмийетлик шөлкемлерге, қәўендер мәкемелерге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Илаж қатнасыўшыларына байрам дәстурханы жайылып, оларға саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери