Ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди уллы әййям – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллық байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрмет-иззетим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Қәдирли дослар!

Дүнья көлеминде ҳәўиж алған коронавирус пандемиясы себепли быйыл Конституция күнине бағышланған салтанатлы мәресимлерди кең көлемде өткериўдиң, тилекке қарсы, имканияты болмай атыр. Бирақ, соған қарамастан, бул байрамның руўхы, шадлығы кеўиллеримизде, жүреклеримизде даўам етпекте. Бул әййям елимиздиң мийнет жәмәәтлери, билимлендириў орынлары. мәҳәллелерде қуўанышлы түрде белгиленбекте.

Конституциямыздың қағыйда ҳәм принциплеринен келип шығып, биз буннан төрт жыл алдын Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еттик және кең көлемли ҳәм жедел демократиялық реформаларды басладық. Олардың ҳуқықый тийкарын Конституциямызға 7 мәрте киргизилген өзгерислер, қабыл етилген 5 кодекс ҳәм 250 ге шамалас нызамлар қурамақта.

Өткен қысқа дәўирде жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық келбети, адамларымыздың дүнья танымы пүткиллей өзгергени, ҳәр бир ўатанласымыз елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны Бас нызамымыздың қүдирети ҳәм үлкен потенциалынан дәрек береди.

Мине усы үлкен потенциалға сүйенип, халқымыз бүгинги күнде қыйын сынақларды мәртлерше жеңип, елимизде еркин, абат ҳәм абадан турмыс – жаңа Өзбекстанды қурыў жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте.

«Жаңа Өзбекстан» деген сөз халықаралық майданда тек ғана жаңа түсиник емес, ал реал социаллық қубылыс сыпатында қабыл етилмекте.

Конституциямыз жаратып берген үлкен ҳуқықый имканиятлардың нәтийжеси болған бундай жетискенлик ҳәм нәтийжелер барлығымызға, әлбетте жоқары мақтаныш бағышлайды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

«Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деген конституциялық норма тийкарында елимизде халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет ететуғын Конституция ҳәм нызам үстин болған нәтийжели ҳәм турақлы система қәлиплеспекте.

Мине, сондай конституциялық негизге тийкарланған бул система пәт пенен өзгерип баратырған ҳәзирги қурамалы жағдайда ҳәр қыйлы қәўип ҳәм сынақлар, соның ишинде, глобал пандемияға қарсы гүресиўде, Бухара ҳәм сырдәрья ўәлаятларында жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықларды сапластырыўда өзин толық ақлады.

Конституциямыздың мәнисине терең сиңдирилген демократия ҳәм социаллық әдилликке садықлық және инсаныйлық принциплерин тәмийинлеў бойынша елимизде системалы ҳәм артқа қайтпайтуғын демократиялық реформалар әмелге асырылмақта.

Бәринен бурын, Тийкарғы нызамымызда кепилленген қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳәм күшли социаллық қорғаўды тәмийинлеў бойынша ҳәр бир инсанның ҳуқықларын қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыўда барлық имканиятлар иске қосылмақта.

Пандемия дәўиринде халықтың денсаўлығын сақлаў, жумыссыз қалған пуқараларға жәрдем бериўге, исбилерменлерге биринши дәрежели итибар қаратылмақта. Соның ишинде, 10 триллион сум фондқа ийе болған Кризиске қарсы гүресиў қоры шөлкемлестирилип, оның қаржылары денсаўлықты сақлаў, социаллық инфраструктуралар, халық ҳәм кәрханаларды финанслық қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Жыл даўамында 500 мыңнан аслам исбилермен ҳәм 8 миллионнан артық пуқара ушын 34 триллион сумға шамалас жеңилликлер берилди, Социаллық напақалар, материаллық жәрдем ҳәм бәнтликти арттырыўға 2,6 триллион сум қосымша қаржы ажыратылды.

Өткир социаллық машқала болып киятырған халықты арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде тек ғана усы жылдың өзинде 13 мыңнан аслам ўатанласларымызға жаңа турақ жайлардың гилти тапсырылды.

Соның менен бирге, Сардоба районында апатшылықтан зыян көрген хожалықлар ушын көп қабатлы жаңа турақ жайлар, социаллық инфраструктура объектлерин өз ишине алған гөззал ҳәм заманагөй қалаша қурылды.

Аўыр турмыс шараятында жасап атырған мыңнан аслам ҳаял-қызларға турақ жай бойынша басланғыш төлемлердиң төлеп берилгени де, мине сондай ийгиликли ислеримиздиң қатарына киреди.

Жедел гендер сиясаты шеңберинде ҳаял-қызларымыздың жәмийетлик-сиясий абырайын беккемлеў бойынша жедел жумыслар даўам еттирилмекте.

Булардың барлығы пандемия ҳәм оның ақыбетинде жүзеге келген экономикалық ҳәм социаллық кризистиң унамсыз тәсирин жумсартыў имканиятын бермекте ҳәм халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеўге хызмет етпекте.

Қәдирли ўатанласлар!

Конституциямызда өз көринисин тапқан әдиллик принципин әмелде тәмийинлеў бойынша да үлкен жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде социаллық жәрдемниң жаңа ҳәм нәтийжели механизмлери енгизилмекте.

Үйме-үй жүрип халықтың машқалаларын үйрениў нәтийжесинде 2,5 миллионнан аслам ағзасы болған 590 мыңнан артық шаңарақты қоллап-қуўатлаў ушын 840 миллиард сум қаржы ажыратылды. Атап айтқанда, ҳәр бир хожалықтағы ҳаяллар ҳәм жаслардың талабы, турмыслық машқалалары анықланып, 300 мыңға шамалас шаңарақтың мийнетке уқыплы ағзалары жумыс пенен тәмийинленди.

Ең әҳмийетлиси, адамларда еркин мийнет етиў, исбилерменлик ҳәм исбилерменлик есабынан кәмбағаллықтан шығыў тәжирийбеси ҳәм көнликпеси қәлиплеспекте.

Елбасына ис түскен аўыр күнлерде бизнес жәмийетшилиги, исбилермен ҳәм фермерлеримиз, меҳир-мүриўбетли пуқараларымыздың қатнасыўында шөлкемлестирилген «Сахаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети инсаныйлықтың және бир уллы көриниси болды. Улыўмахалықлық ҳәрекет шеңберинде халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына 204 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди.

«Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан басланады», деген идея тийкарында улыўма миллий тәлим-тәрбия системасын түп-тийкарынан реформалаўға мисли көрилмеген итибар қаратылмақта. Илим, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият, спорт тараўларын раўажландырыў, мәнаўий-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, жасларды, әсиресе, қызларымыздың талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында да көп жумыслар исленбекте.

Булардың барлығы елимизде Үшинши Ренессанс – миллий раўажланыўымыздың жаңа дәўириниң негизин жаратыўға хызмет етеди.

Және бир әҳмийетли конституциялық принцип – инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша барлық тараўларда, әсиресе, суд-ҳуқық системасында терең реформалар әмелге асырылмақта. Буның тастыйығын кейинги төрт жылда 2 мың 600 пуқараға ақлаў ҳүкими шығарылып, 2 мың 400 пуқара суд залынан азат етилгени, 7 суд басқышы 3 басқышқа келтирилип, суд системасы «бир суд – бир инстанция» принципи тийкарында қайта шөлкемлестирилип атырғанында көриў мүмкин.

Елимизде Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегия избе-из әмелге асырылмақта.

Әпиў етиў институтын қолланыў бағдарындағы жумысларымыз избе-из даўам еттирилмекте. Усы жылдың өзинде билип-билмей жынаятқа қол урған ҳәм өз қылмысынан пушайман болған 300 ден аслам пуқара әпиў етилип, жазаны өтеў орынларынан азат етилди, 200 судланыўшылардың жаза мүддетлери қысқартылды.

Узақ ўақыт пуқаралыққа ийе болмай келген инсанлар бүгинги күнде өзлерин толық Өзбекстан пуқаралары сыпатында сезбекте. Өткен жигирма бес жылда 482 пуқараға пуқаралық берилген болса, бүгинги күнде 50 мыңнан аслам адам усы ҳуқыққа ийе болмақта. Бул болса Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң пуқаралығы болмаған инсанлардың санын азайтыўға қаратылған шақырығына мүнәсип жуўап болады.

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында көшпес мүлк сатып алыў менен байланыслы шеклеўлер бийкар етилгени ушын 40 мыңнан артық пуқара пайтахт регионында сатып алған турақ жайларын өз атына рәсмийлестириў имканиятына ийе болды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Елимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында алып барылып атырған избе-из сиясат дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен тән алынбақта.

Бул ҳаққында сөз болғанда, быйыл сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған бир қатар глобаллық ҳәм регионаллық басламалар, анық әмелий усыныслар халықаралық көлемде кеңнен қоллап-қуўатланғанын атап өтиў орынлы.

Октябрь айында болса елимиз миллий мәмлекетшилигимиз тарийхында биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң тийкарғы уйымларынан бири болған Инсан ҳуқықлары кеңесине ағза етип сайланды.

Бул – биз алып барып атырған ашық ҳәм жедел сыртқы сиясаттың және бир үлкен жетискенлиги, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.

Елимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығының жақсыланып атырғаны, туризм ҳәм экспорт потенциалының жоқарылап баратырғаны, Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартлары ҳәм қағыйдаларының турмысқа жедел енгизилип атырғаны себепли Өзбекстанның халықаралық рейтингиндеги орны жыл сайын жоқарыламақта.

Пандемия ҳәм глобал экономикалық кризис себепли жүзеге келген ҳәр қыйлы тосқынлық ҳәм машқалаларға қарамастан, сыртқы байланысларымыз тоқтап қалмады. Қоңсы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлер менен сиясий ҳәм саўда-экономикалық, гуманитарлық тараўлардағы байланыслар үзликсиз даўам етпекте.

Сырт еллердеги пуқараларымыздың машқалаларын жедел ҳәм унамлы шешиў, оларға әмелий ҳуқықый жәрдем көрсетиў және Ўатанымызға қайтарыў бағдарында быйыл анық илажлардың әмелге асырылғаны халқымызға жақсы белгили. Атап айтқанда, пандемия дәўиринде 500 мыңнан аслам Өзбекстан пуқарасы елимизге алып келинди. Сырт еллерде қыйын жағдайға түсип қалған  100 мыңға шамалас ўатанласларымызға жәрдемлер көрсетилди.

Жалған ўәделерге алданып, елимизден шығып кеткен ҳәм қураллы келиспеўшиликлер болып атырған Жақын Шығыс регионында аўыр күнлерди басынан өткерип атырған пуқараларымыз, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балаларды елимизге қайтарып алып келиў бойынша инсаныйлық илажлары даўам еттирилмекте.

Сол мүнәсибет пенен және бир мәрте айтпақшыман: Өзбекстан пуқаралары бәрқулла өз мәмлекети ҳәм конституциясының қорғаўында болады ҳәм биз бул принципти буннан былай да исенимли әмелге асырамыз.

Ҳүрметли дослар!

Кейинги жыллары ерискен унамлы нәтийжелеримиз биз гөзлеп атырған уллы мақсетлер жолындағы дәслепки қәдемлер екенин жақсы түсинемиз. Бул бағдарда еле  алдымызда үлкен ўазыйпалар тур.

Бириншиден, Конституция ҳәм нызамларымызды және де жетилистириўди бүгин турмыстың өзи талап етпекте. Соның ишинде, халқымыздың мәплерине, турмысымыздың барлық тараўларын еркинлестириўге хызмет ететуғын нызамларды қабыл етиў, дәўир талапларына жуўап бермейтуғын нызам ҳүжжетлерин бийкар етип, нызамшылық базасын ықшамластырыў, бизнес жумысын тәртипке салыў бағдарындағы артықша нормаларды азайтыў зәрүр.

Бул ўазыйпаларды орынлаўда сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары және  де белсенди болады, деп ойлайман.

Екиншиден,  раўажланыўымыздың душпаны болған коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў зәрүр.

Соңғы еки жылда нызамсыз ис-ҳәрекети менен мәмлекетке 2 триллион сум зыян жеткерген 1986 лаўазымлы пуқара коррупцияға байланыслы жынаятлары ушын жынайый жуўапкершиликке тартылғаны бул мәселениң қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.

Усы бағдардағы жумысларымызды системалы ҳәм комплексли даўам еттириў ушын 2021-2025-жылларға мөлшерленген Коррупцияға қарсы гүресиў миллий стратегиясы  үстинде жумыс алып бармақтамыз.

Усы жерде және бир мәрте атап өтип айтаман: бул мәселе биз ушын жүдә әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Себеби коррупция – бул мәмлекетимизди иш-ишинен жемирип, миллий қәўипсизлигимизге зыян келтиретуғын оғада үлкен қәўип ҳәм оған қарсы  аяўсыз гүрес алып барыў – бәршемиздиң миннетимиз.

Үшиншиден,  елимизде тынышлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейилликти беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў мәселелерине және де күшли итибар қаратыўымыз зәрүр. «Нызам –  үстин, жынаятқа – жаза сөзсиз» деген конституциялық принципти әмелде тәмийинлеў ушын ҳуқық қорғаў уйымларының бар күш ҳәм имканиятлары жумсалады.

Төртиншиден, ҳүрметли нуранийларымыз, қәдирли ҳаял-қызларымыз, әзиз жасларымыздың турмыслық мәплерин тәмийинлеў, хожалық ҳәм мәҳәллелеримизде, бирликли ҳәм татыў шаңарақ болып жасап атырған көп миллетли елимизде тынышлық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў биз ушын буннан былай да тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Бесиншиден, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыўға қаратылған жумысларымыздың тәсиршеңлигин және де арттырамыз.

Бир ҳақыйқат ҳәммемизге белгили болыўы керек: барлық тараўларда әмелге асырып атырған реформаларымыз қатарында жәмийетимизде ашық-айдынлық, өзин-өзи сынға алыў ҳәм демократиялық жаңаланыў процесслери енди ҳеш қашан артқа қайтпайды ҳәм биз бул жолды исенимли даўам еттиремиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Халқымыздың турмысын және де абат ҳәм абадан етиў, елимизде жасап атырған, миллети ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир инсанға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў – мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң баслы ўазыйпасы болып есапланады.

Мине сондай ийгиликли ҳәм мақтанышлы мақсет жолында жасы үлкен ҳәм жасы киши барлық ўатанласларымыз бир тән бир жан  болып ҳәрекет етеди, жаңа Өзбекстанның дөретиўшиси болып ортаға шығады, деп исенемен.

Сизлерди Конституция күни байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, шаңарағыңызға бахыт, жеке ҳәм жәмийетлик өмирде үлкен табыслар тилеймен.

Шаңарақларымызды, гөззал елимизди тынышлық-татыўлық, қут-берекет ҳасла тәрк етпесин!

Барлық жақсы арзыў-нийетлеримиз жүзеге шықсын!

Жаратқанның өзи ҳәммемизди сақласын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти