Россиялы онколог-хирург, медицина илимлериниң кандидаты Михаил Мяснянкин берген интервьюинде рак кеселлигин пайда ететуғын азық-аўқат өнимлериниң атын айтып өтти.

Оған бола, минерал төгинлер ямаса канцероген элементлер менен патасланған өнимлер кеселликтиң раўажланыў қәўпин арттырады. Сондай-ақ, шыпакер спиртли ишимликлерди аўқатланыў рационынан пүткиллей шығарып таслаўды мәсләҳәт берди, себеби спиртли ишимликлерди ишиў рактың айырым түрлерин раўажланыў қәўпин арттырыўы мүмкин.

Буннан тысқары, айғабағар майында гөш ямаса овощларды қуўырып атырғанда май бир неше мәрте қолланылса, онда барлық канцероген элементлер жыйнала баслайды. Бул болса өз гезегинде, рактың қәўпин арттырады.

Алдын Мяснянкин мий рагиниң дәслепки белгилерин анықлаған еди. Оған бола бас аўырыўы бул рак түриниң ең кең тарқалған белгиси болып есапланады. Соның менен бирге, қәниге дәслепки басқышларда кеселлик асемптоматикалық раўажланып атырғанын ҳәм оны танып алыў жүдә қыйын екенин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги