Инглис тилиндеги абырайлы «Collins English Dictionary» сөзлигиниң қәнигелери «Lockdown» сөзин 2020-жылдың тийкарғы сөзи деп тапты.
Қәнигелердиң пикирине бола, бул сөз дүнья бойлап миллиардлаған адамларды бирлестирген.
Есап-санақларға қарағанда, локдаун сөзи 2020-жылы 250 мың мәртеден көбирек қолланылған.
«Lockdown» (Локдаун) – «саяхат, жәмийет пенен байланысыў ҳәм жәмийетлик орынларға кириўге қатты шеклеўлер қойыў» мәнисин билдиреди.
Ҳәммемизге белгили, коронавирус пандемиясы себепли бул сөз быйыл айрықша «әдет» болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги