Британиялы илимпазлар өткерген изертлеў нәтийжелерине бола, коронавирусқа антиденелер бурын COVID-19 пенен аўырмаған наўқасларда да келип шығыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Science» порталы хабар берди.

Атап өтилиўинше, қәнигелер 300 адамның анализ үлгилерин үйренген. Нәтийжеде олардың 5 процентинде коронавирусқа антиденелер анықланған. Қәнигелердиң пикиринше, антиденелер басқа «туўысқан вирус»ты жуқтырғаннан соң пайда болған.

«Илимпазлардың атап өтилиўинше, сол тәризде айырым адамлар бурын өзлестирилген иммунитетке ийе болыўы мүмкин. Бирақ бул иммун қорғаўдың нәтийжелилиги еле дәлийлленгени жоқ»,-деп жазады портал.

Соған қарамай, тәжирийбе соны көрсетеди, коронавирусқа ийе болмаған адамлардың қанында табылған антиденелер жаңа инфекцияны жеңген алдыңғы наўқаслардың анализлеринен алынғанынан парықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги