Дүньяда халық арасында магний жетиспеўшилиги эпидемиясы ҳәўиж алмақта. Бул ҳаққында россиялы невропатолог Вера Пшеничникова «Говорит Москва» радиосында болып өткен сәўбетинде айтып өтти.

Оның сөзлерине бола, жағдай усы микроэлемент ушын анализ алыўдың оғада қыйын екенлиги себепли қурамаласпақта.

Шыпакердиң түсиндириўинше, магний «улыўма зыянсыз» болып, оны қабыл етиўдиң көплеген түрлери бар.

Мысалы ушын Пшеничникова АҚШтағы усы микроэлимент тийкарында дүзилген пархезди жоқары баҳаламақта.

Бурынырақ  россиялы басқа бир қәниге Александр Мясников магний жетиспеўшилиги организмде калий жетиспеўшилигине себеп болатуғынын, бул болса теориялық жақтан жүрек машқалаларына алып келиўи мүмкин екенлигин айтып өткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги