Пүткил жер жүзилик Инсультқа қарсы гүресиў шөлкеминиң 2004-жыл 29-октябрь күни Ванкувер қаласы (Канада)нда өткерилген конгрессинде усы күнди Халықаралық инсультқа қарсы гүресиў күни сыпатында белгилеў усыныс етилди.
Пүткил жер жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, өлимшилик дәрежеси бойынша жүрек-қантамыр кеселликлери биринши орында турады. Бул аўырыўлардан ҳәр жылы 17,9 миллион адам қайтыс болады.
Халықаралық инсультқа қарсы гүресиў мүнәсибети менен бир қатар еллерде, соның ишинде, Өзбекстанда да бул кеселликке қарсы гүресиў, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажлар өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги