We Are Social халықаралық агентлиги  қәнигелери тәрепинен социаллық тармақлардың айлық аудиториясы төрт миллиард пайдаланыўшыға көбейгенлигин есаплап шықты.

Бул дүнья халқының 53 процентинде Интернет-профиль бар екенлигин аңлатады, делинбекте Digital2020 тәрепинен жәрияланған октябрь айының есабатында.

Изертлеў нәтийжелерине бола, өткен жылдың өзинде пайдаланыўшылардың қатарына және 450 миллион адам қосылған.

«Келешекте ҳәр күни және еки миллион жаңа пайдаланыўшылар Facebook, Twitter  ҳәм басқа да усы сыяқлы тармақларға қосылады, бул секундина 14 адамды қурайды», – деп шамалап айтпақта изертлеў авторлары.

Атап өтилиўинше, социаллық тармақлардан пайдаланыўшылар санының өсиў пәти халықаралық агентлиги тәрепинен феноменал деп баҳаланбақта.

«Ең тез раўажланып атырған социаллық тармақ ҳәзирги күнде Instsgram болып, соңғы үш ай ишинде оның аудиториясы 76 миллион жаңа пайдаланыўшылар менен толысқан. Бирақ пайдаланыўшылардың улыўма муғдарына бола, ол еле Facebook, YouTube  ҳәм басқа платформалардан артта қалмақта», деп атап өткен We Are Social.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги