Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Глобалласыў дәўиринде өзбек тилиниң дәрежеси» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
«Zoom» платформасы арқалы онлайн тәризде шөлкемлестирилген конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.
Атап өтилгениндей, өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары дәрежеге ийе болып, Өзбекстанның раўажланыўының бүгинги жоқары басқышы – миллий раўажланыў талапларынан келип шығып әмелге асырылмақта. 2019-жыл 4-октябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары усындай ийгиликли жумыслардың беккем ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.
Тилдиң раўажланыўы, оның абыройын арттырыў ҳәм қолланылыў дәрежесин кеңейтиў ҳүкиметимиздиң турақлы итибарында болып келмекте. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрьдеги «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абыройы ҳәм дәрежесин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи ҳәм 21-октябрь күнин ҳәр жылы «Өзбек тили байрамы күни» сыпатында белгилеў де тилимизге болған жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың нәтийжеси болып табылады.
Онлайн өткерилген халықаралық конференцияда республикамыздағы көплеген жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары, билимлендириў мәкемелериниң илимпаз, излениўшилери менен биргеликте Түркия Республикасының Анкара университети, Стамбул университети, Қазақстан Республикасының Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия Миллий университети сыяқлы дүньяға белгили жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары өз баянатлары менен қатнасты.
Конференцияда өзбек тили терминологиясының қәлиплесиў ҳәм изертлениў аспектлери, сырт еллердеги жоқары оқыў орынларында өзбек тилин үйрениў ҳәм шет тили сыпатында оқытыў мәселелери, мәмлекетлик тилде ис жүргизиўдеги машқалалар, өзбек ҳәм басқа да түркий тиллердиң өз ара байланыслығы мәселелерине арналған баянатлар жасалды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.