Усы жыл 6-октябрь күни Халық депутатлары Шоманай  районлық Кеңесиниң  он үшинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, секторлардың, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша районның 4 сектор басшылары өз аймақларында өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлемлеме берип, жол қойылған қәте-кемшиликлер ушын кеширим сорады.

Атап өтилгениндей, елимизде исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў, халық пенен пикирлесиў системасын жолға қойыў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм бәнтлигин арттырыў, аймақларды комплексли социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўды тәмийинлеўде жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў мақсетинде Президентимиздиң усы жыл 1-майдағы «Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўды рейтинг баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, усыған муўапық қала ҳәм районларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўды ҳәр жылы рейтинг баҳалаў системасы енгизилген еди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-сентябрь күни аймақларда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қосымша илажларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде биринши мәрте район ҳәм қалалардың экономикалық көрсеткишлери, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орталығы, инфраструктура ҳәм бар ресурслардан пайдаланыў дәрежеси бойынша Шоманай районы 12,36 балл топлап, «қанаатландырарсыз» деп табылды.

Буннан тийисли жуўмақ шығарған ҳалда халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша сектор ҳәм жуўапкер басшылар тәрепинен илажлар ислеп шығылды.

Президентимиздиң республикамызға, соның ишинде, районға сапары ўақтында берилген тапсырмалар тийкарында ислеп шығылған бағдарламаларға муўапық, районда исбилерменликти жедел раўажландырыў, өндирис ҳәм қайта ислеў  кәрханаларының шөлкемлестирилиўи, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматларын арттырыўда тийкарғы фактор болмақта.

Атап айтқанда 2017-2019-жылларда районда суткасына 1-1,5 тонна сүтти қайта ислеў қуўатлығына ийе 2 сүтти қайта ислеў кәрханасы, 2 ири қусшылық комплекси, 2 заманагөй ыссыхана, 1 брикет ислеп шығарыў кәрханасы, 1 аяқ-кийим ислеп шығарыў цехы,  сыйымлылығы 150-200 тонналық 2 музлатқыш ҳәм боян тамырын қайта ислейтуғын кәрхана иске түсирилди.

Усы жыллар даўамындағы жойбарлар быйылғы жылға келип өзиниң унамлы нәтийжесин бере баслады. Нәтийжеде районның экспорт потенциалы артып, экспорт географиясы кеңеймекте. Усы бағдар бойынша быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында 25 санаат кәрханасы жаңадан шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, усы жыл март айында «Шоманай эко текс» кәрханасы тәрепинен баҳасы 20,9 миллион долларлық қуўатлығы 7300 тонна ийирилген жип ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди.  Усының есабынан 480 пуқара турақлы мийнет ҳақы төленетуғын жумыс пенен тәмийинленди. Кәрхана тәрепинен бүгинги күнге 80 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, соннан 2,1 миллион долларлық өним Қытай, Россия Федерациясы, Түркия ҳәм Беларусь еллерине экспорт етилди.

Буннан тысқары, усы жылдың 3-август күни «Лиантай ликрайс» кәрханасында инвесторлардың қаржысы есабынан баҳасы 1,2 миллион АҚШ доллары болған боян тамырды қайта ислеп, жылына 400 тонна СJA унтағын ислеп шығаратуғын жойбар иске түсирилди ҳәм 60 жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханада бүгинги күнге шекем 117 мың АҚШ долларлық өним экспортқа шығарылды ҳәм жыл ақырына шекем 1,3 миллион АҚШ долларлық өним экспортқа шығарылады. Келеси жылы бул жерде өнимлердиң түри ҳәм көлеми кеңейип, жылына 350 литр GLABRIDIN кислотасын ислеп шығарыў жолға қойылады ҳәм жумыс орны 120 ға жеткериледи. Нәтийжеде жылына 3,0 миллион АҚШ долларлық өнимди экспортқа шығарыў имканияты жаратылады.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етип, келеси жылы улыўма баҳасы 5,9 миллион АҚШ доллары болған, жылына 3,5 миллион метр куб брезент ҳәм габардин материалын ислеп шығаратуғын «Шоманай текс» кәрханасы иске түсириў жумыслары алып барылмақта. Усылардың нәтийжесинде 2016-жылы  78 мың АҚШ доллары, өткен жылы 1,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өним экспорт етилген болса, быйылғы жылы 3,6 миллион АҚШ долларлық өним экспорт етилди.

Районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў, хызметлер ҳәм аўыл хожалығы тараўларында исбилерменликти раўажландырыў бойынша 2020-2023-жылларға мөлшерленген бағдарлама ҳәм районды келешекте раўажландырыў бойынша тийкарғы өсим бағдарлары белгилеп алынды. Усыған муўапық, 2020-2021-жылларда баҳасы 149 миллиард сумлық 72 жойбарды әмелге асырыў ҳәм  922 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Атап айтқанда, жәҳән базарында гүнжиге болған талаптың жоқары екенлигин есапқа алған ҳалда, оны жетистириў ҳәм қайта ислеп, экспортқа шығарыў белгилип алынбақта. Усы мақсетте, «Шоманай гүнжи экспо» ЖШЖ тәрепинен кластер шөлкемлестирилип, гүнжи майын ислеп шығаратуғын  үскенелер алыў ҳәм оны жетистириў бойынша «Туран банк» тәрепинен аванс қаржылары ажыратылыўы белгиленди. Келеси жылы пахтаның қатар арасына 1000 гектарға, ашық майданға 1000 гектарға гүнжи егилип, оннан 1800 тонна өним алыў нәзерде тутылмақта. Бул көрсеткиш келешекте 6500 гектарға жеткерилип, оннан 5600 тонна өним алынып, 2800 тонна гүнжи майы алынады.

Быйылғы жылы ҳәзирги 2 заманагөй ыссыханаға қосымша рәўиште 1,5 гектарда, келеси жылы 3 гектарда заманагөй лимонарий шөлкемлестириў, шарўашылық тараўында 12,2 миллиард сумлық 8 жойбар есабынан 343 бас нәсилли қарамал алып келиў, хызметлер көрсетиў тараўында баҳасы 16,4 миллиард сумлық 19 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Келеси 2 жылда 83 гектар майданда ыссыхана шөлкемлестириледи.

Районда киши бизнес субъектлериниң саны 414ке жетип, жаңадан шөлкемлестирилген кәрханалар есабынан 1500 ден зыят жаңа жумыс орны жаратылды. Быйылғы Инвестициялық бағдарлама  тийкарында жыл ақырына шекем 240, буннан тысқары, 20 киши бизнес субъектин жаңадан шөлкемлестириў арқалы 70 пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.

Жоқарыда белгилеп алынған илажлар нәтийжесинде жыл ақырына шекем 165,1 миллиард сумлық санаат өними ислеп шығарылып, өткен жылға салыстырғанда 3,1 есе, экспорт бойынша белгиленген реже 7,1 миллион долларға жеткерилип, 4,5 есе өсимге ерисиледи. Бюджетке тийкарғы түсим режелеринен тысқары 2,0 миллиард сум қосымша  түсим түсириледи ҳәм жумыссызлық дәрежеси 13,1 проценттен 9,5 проценке азайтылады. Усының есабынан рейтинг көрсеткиши бойынша жоқары балл алынып, жыл жуўмағы бойынша район «қызыл» аймақтан «сары» аймаққа шығарылады.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Атаниязов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У.Жалменов районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Илажда район ҳәкими Б.Янгибаев депутатларды, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша сессияда тийисли қарар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы