Мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласында қурылып атырған көп этажлы турақ жайлар ҳәм IT-паркти барып көрди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Тәтибаев көшесинде 160 квартираға арналған еки 16 этажлы турақ жай қурылмақта. Бул турақ жай комплекси заманагөй дизайнда, жер силкиниўине шыдамлы болады. Сыртқы дийўаллар бир неше қатламнан ибарат екенлиги себепли турақ жайлар энергияны үнемлейди.

 

Комплекс 2021-жылы питкериледи. Квартиралар жасаў ушын тайын ҳалда тапсырылады.

 

Президент жаңа турақ жайлардың шоу-румында болып, оларда жаратылатуғын шараятлар менен танысты.

 

Бул жерде IT-парк те қурылмақта.

Ҳәммеге мәлим, быйыл елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәрияланған. 8-июнь күни Президент жанында өткерилген таныстырыўда аймақларда тараўдың раўажланыўына шараят жаратыў, Бухара, Наманган, Нөкис, Самарқанд, Үргениш ҳәм Жиззақ қалаларында Ташкенттеги IT-парк филиалларын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

 

Нөкис қаласында қурылып атырған IT-парк 16 этаждан ибарат болады. Оны 2021-жылы иске түсириў жобаластырылған.

Мәмлекетимиз басшысына Қарақалпақстанда жасларды мәлимлеме технологияларына оқытыў ҳәм усы тараўдағы бәнтлигин тәмийинлеў жобасы ҳаққында мағлыўмат берилди. IT-паркте мәлимлеме технологиялары бойынша қәнигелер аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, коммунал хожалық, билимлендириў, туризм, мәдният, қурылыс ҳәм транспорт сыяқлы тараўларда ҳәр қыйлы перспективалы жойбарлар бойынша жумыс алып барады. Сондай-ақ, санлы технологиялар оқыў орайы, коворкинг орайы, оқыў ҳәм киберспорт бөлмелеринде жаслардың тәжирийбеси арттырылады.

 

– Ташкентте қандай жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек, – деди Президент. – Жаңаша ислемесек, заман қабыл етпейди.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының районларын Нөкис қаласы мәҳәллелерине бириктириў, көшелерди жақтыландырып, абаданластырып, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын көбейтиў, халықтың дем алыўы ушын шараятларды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

 

Солай етип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапары жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.