Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Соңғы төрт жылда онлаған ири тоқымашылық, фармацевтика, электротехника ҳәм басқа заманагөй санаат кәрханаларының қурылыўы есабынан Қарақалпақстанда ислеп шығарыў көлеми 2 есеге өскен. Жаңа суў тармақларының қурылыўы нәтийжесинде халықты орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 40 проценттен 67 процентке жетти. 241 мектеп, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт объектлери жаңадан қурылды, капитал оңланды.

 

Президент Шавкат Мирзиёев Мурат Камаловты Жоқарғы Кеңес Баслығы болып сайланғаны менен қутлықлап, оғада жуўапкершиликли ўазыйпада табыслар тиледи.

 

– Жаңа басшы жумысларының ең әҳмийетли бағдары «халықтың дәртин тыңлаў ҳәм мәселелерди шешиў» болыўы керек. Буның ушын тынымсыз излениў, мийнет етиў, халық пенен кеңесип ислеў керек. Қарақалпақстанда елди сүйетуғын, билимли, пидайы жаслар көп. Оларды бирлестирип, нәтийжеге ерисиў, ел-халқымызға мәпдарлық келтириў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстанда барлық тараўларды жедел раўажландырыў бойынша алдағы 3 жылға арналған илажлар ислеп шығылғанлығы мәлим етилди. Оған бола, ҳәр бир районда 2 хызмет түри өзине тән «өсиў ноқаты» етип белгиленген.

 

Президент барлық 16 районды еле де раўажландырыў мақсетинде усы «өсиў ноқатлары» бойынша исбилерменлик субъектлери 3 жыл мүддетке жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалардың айланбасынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң белгиленген муғдардағы дәрамат салығынан азат етилиўин атап өтти.

 

Сондай-ақ, раўажланыў дәрежеси төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат кәрханаларына да 3 жыллық мүддетке салық ҳәм бажыхана жеңилликлери бериледи.

 

Ҳәр бир район ҳәм қаланы жедел раўажландырыўға күшли түртки бериў, машқалаларды жедел түрде шешиў ушын оларға министрлер ҳәм банклер бириктирилди.

 

Жыйналыста келеси 3 жылға арналған 10 баслы бағдар белгиленди.

 

Бириншиси – районлар ҳәм мәҳәллелерди жедел раўажландырыў, екиншиси – халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў болса, үшиншиси шеңберинде инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады. Арал машқаласының унамсыз тәсирин жумсартыў ҳәрекетлери төртинши баслы бағдар сыпатында белгиленди.

 

Бесиншиси етип хызмет көрсетиў тараўы потенциалын толық иске түсириў, алтыншысы сыпатында аўыл хожалығын раўажландырыў ўазыйпасы белгиленли. Жетиншиден, халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша жумыслар шөлкемлестирилсе, сегизиншиден социаллық инфраструктураны раўажландырыўға итибар қаратылады.

 

Тоғызыншы баслы бағдар етип жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў көрсетип өтилген болса, оныншы шеңберинде жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери бойынша көрсетпелер берилди.

Президент елимиздиң қыз-жигитлерин усы аймақ турмысы менен таныстырыў мақсетинде келеси жылы Қарақалпақстанда Жаслар фестивалын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.