Дартмут колледжи ҳәм Экономикалық изертлеўлер миллий бюросы (АҚШ) илимпазлары қайсы жаста адам өмириниң ең бахытсыз мәўритлерин өткеретуғунын анықлады. Изертлеў нәтийжелери бюро сайтында жәрияланған.

Қәнигелер 132 мәмлекет мағлыўматларын үйренип шықты. Ҳәр қыйлы жастағы адамлардан турмысынан қанаатланыў дәрежесин баҳалаў соралған. Буны қараң, адам өмириндеги ең бахытлы демлер 18-20 жасларға туўра келетуғын екен. Соң жағдай жаманласып, шама менен 47-48 жасларда ең жоқары шыңына  жетеди. Раўажланған еллерде  47 жаста, раўажланып атырған мәмлекетлерде 48 жаста, Россия, Қытай ҳәм Мексикада 43 жаста кризистиң басланыўы атап өтилген. Бундай жағдай 60 жасқа шекем даўам етеди. Соннан кейин және көтерилиў жүз береди ҳәм 70 жаста адамлар және өмирден заўықлана баслайды.

Изертлеўшилердиң пикиринше, бул сыртқы факторларға емес, организмдеги биохимиялық процесслер ҳәм гормонлар дәрежесине байланыслы екен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги