Келешекте Африка континенти еки бөлекке бөлинеди. Бул ҳаққында илимпазлар тектоникалық плиталардың ҳәрекетлениўин таллаў нәтийжелерине тийкарланып мәлим етти, деп жазады Sputnik.

Илимпазлардың сөзлерине бола, бул процесс ҳәзирги ўақытта жүз бермекте. Оны бир неше жыл алдын Кенияның қубла-батыс тәрепинде тосаттан пайда болған жарық тастыйықлайды. Оның узынлығы бир неше километрге, тереңлиги 15 метр ҳәм кеңлиги 20 метрге шекем жетеди.

Буннан тысқары, Эфиопияның Афар регионында усыған уқсас жарық бар. Ол бир ўақыттың өзинде түрли бағдарда әстен ҳәрекетленетуғын үш тектоникалық плиталардың бирлеспесинде жайласқан.

2005-жылы пайда болған жарық ҳәр жылы кеңеймекте. Ҳәзирги ўақытта оның узынлығы 56 километрге жеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги