Франциядағы Монпелье университетиниң изертлеўшилери коронавирусты өлтиретуғын өнимди тапты. Олардың пикирине бола, капуста – коронавирустың жаңа штаммын өлтиреди. Бул ҳаққында The Sun басылымына тийкарланып Спутник хабар берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Қәнигелердиң пикирине бола, капустаны көп пайдаланатуғын мәмлекетлерде коронавирустан өлим жағдайлары аз болғаны бақланған. Атап айтқанда, Германия ҳәм Қубла Кореяда инфекциядан өлим көрсеткишлери төмен.

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, капустаның қурамында коронавирустың аўыр өтиўине кесент беретуғын элементлер бар. Дузланған капустаның қурамында болса, антиоксидантлар болып, олар организмди патогенлерден қорғайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги