Қандағы қант муғдарының көплиги COVID-19  аўыр дың түрлеринде өлим қәўпин арттырады. Қытайлы илимпазлар сондай жуўмаққа келди. Изертлеў нәтийжелери «Diabttologia» журналында жәрияланды.

Илимпазлардың жуўмақлары усы жылдың 24-январынан 10-февралына шекем Ухан емлеўханаларына жатқарылған 600 ден аслам наўқастың кеселлик тарийхына тийкарланған.

Бул кеселликтиң тарийхларын үйрениў соны көрсетеди, қанда глюкоза дәрежеси салыстырмалы түрде жоқары болған адамлар арасында COVID-19дан өлиў саны басқа наўқасларға қарағанда 2,3 мәрте көбирек ушырасқан.

Сондай-ақ, атап өтилиўинше, қанда қан элементиниң жоқары болыўы исиў ҳәм аўырыў орайларының пайда болыўына тийкар жаратады ҳәм қан тамырларының жумысын төменлетеди.

Ҳәзирги күнге шекем Қытайда 4 мың 634 наўқас COVID-19дан қайтыс болған ҳәм бул сан бир ярым айдан көбирек ўақыт даўамында өзгермей келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги