Брокколи кекселикке байланыслы кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди. Бул ҳаққында «Change»  редакциясы хабар берди.

Қәнигелердиң айтыўынша, бул овощ қурамында лютеин ҳәм зеаксантин антиоксидантлары, сондай-ақ, қартайыў процесин төменлететуғын сульфорафон көп.

Буннан тысқары, диабет пенен аўырып атырған наўқаслар брокколиди жегени пайдалы. Себеби, бул овощ қандағы қант муғдарын қадағалаўға ҳәм холестерин дәрежесин азайтыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, инфаркт ҳәм ишек кеселликлериниң профилактикасы ушын оғада пайдалы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги