Жоқары дәрежедеги радиация ҳәм галактикалық нурланыў себепли адамзат Ай ҳәм Марста жасай алмайды.

Бул ҳаққында Россия Илимлер академиясының Биомедициналық машқалалар институтының космослық пәрўазлар радиациялық қәўипсизлик бөлиминиң баслығы Вячеслав Шуршаков мәлим етти, деп жазады xs.uz сайты.

«Қуяш системасындағы нурланыў көзқарасынан қарайтуғын болсақ, Жерден тысқары адамзаттың турмысы ушын қолайлы жерге ийе болған басқа аймақ жоқ. Жер бизлердиң космослық кемемиз, бизлерде қуяш ҳәм галактикалық нурланыўдан қорғаў ушын атмосфера ҳәм магнит майдан бар», деп түсиндиреди илимпаз өз сөзлерин.

Шуршаковтың атап өтиўинше, Айдағы нурланыў муғдары Жердеги дозадан 400 есе көп. Марстағы нурланыў дозасы болса Айға салыстырғанда 1,5 есе аз, бирақ Марста ҳәм Айда инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўши галактикалық космослық нурланыў бар.

Ойлап табылған экзопланетлар (Қуяш системасынан тысқарыдағы планеталар) ҳаққында айтқанда, биринши гезекте магнит майданды излеў керек екенлигин  айтып атырған Шуршаковтың қосымша етиўинше, магнитосфера  қорғаў қалқанын жаратады ҳәм егер ол жоқ болса, атмосфера экзопланетадан жақын жайласқан жулдыз тәрепинен тири организмлер ушын қәўипли болған барлық унамсыз ақыбетлерге алып келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги