18 жасар россиялы блогер Анастасия Тропицель Балида автоаварияға ушырады. Бул ҳаққында Instagram -аккаунтында хабар берилген.

Мағлыўматларға бола, Тропицель мотоциклинде сейил етип атырғанда аварияға ушыраған. Блогер қыздың Instagram -аккаунтында пайдаланыўшылар өзлериниң кеўилин билдирген. Оның бетине бир миллионға шамалас пайдаланыўшы ағза болған.

Анастасия Тропицель фрилансқа бағышланған блог жүргизген, интернетте ақша ислеп тапқан ҳәм бәрқулла өз үстинде ислеген. Қыздың профилинде жазылыўынша, ол 15 жасында миллионерге айланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги