Бүгиннен баслап Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында өзин-өзи жекелеў ҳәм паспорт тәртиби және пуқаралардың сейил етиў кестеси бийкар етилди. Бул ҳаққында қала мэри Сергей Собянинге тийкарланып, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабар берди.

 

Қала халқы, соның ишинде, 65 жастан өткенлер ҳәм созылмалы кеселликлерге шалынған пуқаралар да шеклеўлерсиз сыртқа шығыўы, өз жумыслары менен шуғылланыўы ҳәм жәмийетлик орынларға барыўы мүмкин.

 

Соның менен бирге, пуқаралар жәмийетлик орынларда нықап тағып, қолғап кийиўи ҳәм социаллық аралықты сақлаўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.