Япониялы қәнигелердиң тән алыўынша, 2 жасқа толмаған нәрестелерге медициналық нықап тағып қойыў балалардың денсаўлығына үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин екен. ТАСС агентлиги усы ескертиў ҳаққында Япония педиатрлар ассоциациясының мағлыўматына сүйенип мәлим еткен.

Атап өтилиўинше, еки жасқа шекемги балаларда дем алыў жолы тар, сол себепли нықап дем алыўды қыйынластырыўы, азы-кем буўлығыўына алып келиў итималы күшли.

Буннан тысқары, ҳәзирги жағдайда жас организмниң жүрегине де артықша жүк түседи, ҳаўа қызғанда болса ыссылық температурасының қосымша унамсыз тәсириниң қәўпи күшейеди.

«Ыссылық нықапты тәрк етпейди ҳәм қызыў қәўпи артады. Сондай-ақ, жас балаларда тез-тезден ҳәлсизлик, кеўилдиң айныўы жүз береди. Бул өз гезегинде пневмония ҳәм буўлығыўына алып келеди», – дейди ассоциация басшысы Акира Камикава.

Японияда балалар ушын мөлшерленген киши өлшемли медициналық нықаплар да сатылады. Әдетте, бундай өнимниң қабында медициналық нықапты үш жастан баслап тағыў мүмкин екенлиги ҳаққындағы еслетпе-жазыў болады. Айырым ислеп шығарыўшылар болса нықапларды «еки жастан өткен балалар ушын» деген усыныс-белги менен сатыўға шығарады.

 

ӨзА