Америкалы илимпазлар наўқасларда көзге тасланатуғын коронавирус белгилери арасында ең көп тарқалғанларынан бири адамда ийис сезиў қәбилетиниң жоғалыўы екенлигин жәриялады. Мине усы бағдарда алып барылған изертлеўлердиң нәтийжеси «ACS Chemical Neuroscience»  журналында басып шығарылды.

Айырым мағлыўматларға қарағанда, коронавирус жуққан наўқасларда ҳәзирги ўақытқа шекем ең тийкарғы белгилери сыпатында тән алынып келинген дене температурасының көтерилиўи ямаса жөтел бақланбаған жағдайларда ийис ажырата алмаў қәсийети белгили болатуғын екен. Қәнигелердиң анықлаўынша, белок элементлер қурамындағы вирус қәлемшесин пайдаланыў нәтийжесинде организмге киреди ҳәм белгили ўақыт өтип, мурын ишиндеги клеткаларға сиңип кетеди. Өткерилген тәжирийбелер тийкарында көп муғдардағы усындай белоклар – ACE2 рецепторлары ҳәм TMPRSS2 протеазлары көпшилик жағдайларда жасы үлкен адамларда қәлиплесетуғыны белгили болды. Соның ушын да бул кеселлик жасларға қарағанда кекселерде аўырлаў өтеди екен.

Есабатта мурын бөлегиниң ийис сезиў қәбилетине байланыслы қайсы клеткалар зыянлы белоклар менен тезирек қарым-қатнасқа кирисиўи, анық етип айтқанда,COVID-19 бенен зәҳәрлениўге алып келетуғыны ҳәзирше белгили емес екенлиги атап өтилген. Қәниге-шыпакерлер усындай мағлыўматларға ийе болыў диагноз қойыў ҳәм коронавирусқа қарсы вакцина ислеп шығыў процесин жеделлестириўге жәрдем беретуғынына исеним пайда етти.

Апрель айының ақырларында түрли мәмлекетлердиң илимпазларынан дүзилген халықаралық қәнигелер топары «COVID-19 »дың айырым белгилери наўқаслардың белгили бир бөлегинде ғана белгили болатуғынын анықлаған еди. Мәселен, коронавирустың сырттан билинбейтуғын, келип шығыўы емес, ал расалық, яғный генетикалық тийкарға ийе болған, яғный әўладтан-әўладқа өтетуғын бундай белгилер қатарына мүшелердеги аўырыўлар ҳәм ийис билмеўди де қосқан еди.

 

ӨзА