Ҳаўа-райы шараятлары коронавирустиң тарқалыўына тәсир етпейди, деп жазады Италияның Il Giornale баспасы хабарына тийкарланып, xs.uz  .

Вирусолог Роберто Буриони ҳаўаның ысып кетиўи нәтийжесинде пандемия азаяды, деген шамалаўларға қосылмады. Қәнигениң пикирине бола, вирусқа қарсы гүресиўде мәмлекетлер тәрепинен қабыл етилген шеклеў илажлары ғана нәтийжели.

Оның атап өтиўинше, жыллы күнлер келиўи менен барлық респиратор кеселликлер шынында да, азлаў жуғады, ҳаўадағы силекей тамшылары болса тез парланып кетеди. Бирақ бул нәрселердиң ҳәзирги жағдайға тәсири гүманлы нәрсе.

Сондай-ақ, Бикокка Милан университети, Рим университети III ҳәм Кьети-Пескара университети илимпазлары да усындай жуўмаққа келген. Олар Ухань, Ломбардия, Венетода COVID-19  бенен кеселленген адамлардың муғдарын салыстырып көрген ҳәм олардың санын бул аймақлардағы ҳаўа-райының шараятына байланыслы екенлигин анықламаған.

Италиялы илимпазлар инфекцияға қарсы гүресиўде жыллы ҳаўа-райы шараятының пайда беретуғыны ҳаққындағы шамалаўды атипикалық пневмония менен салыстырыў нәтийжесинде пайда болған, деп есапламақта. 2002-жылдың ақырында басланған бул вирустиң эпидемиясы 2003-жылдың орталарына келип сөнип қалған еди. Қәнигелердиң пикири бойынша, сол эпидемияны ҳәзиргиси менен салыстырыў орынлы емес.

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматына бола, кеселленгенлердиң саны 350 мыңнан артты. Солардан  16 мыңнан асламы қайтыс болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги