The Economist Intelligence Unit дүнья жүзиниң ең ири мегаполислериндеги турақ жай, транспорт, азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, байланыс ҳәм басқа да керекли қәрежетлер сәўлеленген «Дүнья жүзинде жасаў баҳасы – 2020» рейтингин жәриялады.

Рейтингте дүнья жүзиниң қымбат қалаларының дизиминде елеге шекем Гонконг ҳәм Сингапур болып қалмақта, бирақ усы жылы олардың қатарына Японияның Осака қаласы да қосылды.

Жасаў ушын ең арзан қалалардың арасында Өзбекстан пайтахты Ташкент ҳәм Қазақстанда үлкенлиги жағынан екинши орында туратуғын Алма-ата қалалары да бар. Бул қалаларда жасаў Буэнос-Айрес, Пакистанның Карачи, Венесуэланың Каракас ямаса Ҳиндстанның Бангалорына қарағанда бираз арзан екен.

Изертлеў авторларының атап өтиўинше, Ташкент ҳәм Алма-атада азық-аўқат өнимлери бираз арзан. Мәселен, Ташкентте бир килограмм нан дерлик 1,05, Алма-атада 0,96 доллар турады, рейтингте қоңсылас турған Аргентинаның Буэнос-Айрес қаласында нан 3,32 доллар болып есапланады. Өзбекстан ҳәм Қазақстанда хызметлер, мәселен, шаштәрез ҳәм кийим-кеншек де арзан.

 

ӨзА