«Микроқаржыландырыў ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерис киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Huquqiy axborot” телеграмм каналы хабар берди.
Оған муўапық, қарыз алыўшыға исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын 300 миллион сумнан аспаған суммада микрокредит бериледи.
(Бурын БЕМның 1000 есеси (223 миллион сум) муғдарынан артпайтуғын суммада берилген). Сондай-ақ, физикалық тәреплерге 50 миллион сумнан аспайтуғын муғдарда микроқарыз берилиўи белгиленди. (Бурын БЕМның 100 есеси (22 миллион 300 мың сум) муғдарынан аспайтуғын суммада берилген).
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА