«Өзгидромет» орайынан хабар етиўинше, бүгин ҳәм ертең елимизде жүдә жыллы ҳәм қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады. Ҳаўа температурасы 20-25 градус, елимиздиң шығыс, қубла ҳәм шөл зонасында 26-28 градусқа ысыйды.
Сәршемби күни де елимиздиң үлкен бөлегинде ҳаўа-райы бурынғыдай жаўын-шашынсыз болады. Тек ғана Ташкент, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында Каспий теңизи аймағынан ығаллы ҳаўа ағымының кириўи себепли кешқурын ҳәм азанда айырым жерлерге күшсиз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы азғана төменлейди ҳәм 18-23 градусты қурайды.
Пийшемби күни елимизде ҳаўа райының қуяшлы болыўы ҳәм температураның 23-25 градусқа шекем көтерилиўи күтилмекте.
Жума ҳәм шембиде Өзбекстан аймағына Каспий теңизи аймағынан және ығаллы ҳаўа ағымы киреди. Нәтийжеде шығыс-батыс ҳәм қубла-батыс районларда 20-март күни, орайлық, қубла ҳәм шығыс районларда 21-март күни айырым жерлерге жаўын жаўады. Самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Сол күнлери ҳаўаның температурасы 18-23 градусқа шекем төменлейди.
ӨзА