Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 24-26-март күнлери Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары ўақтында БАӘ ҳүкимети менен мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жумысына инновацияларды енгизиў тараўларында кең көлемли бирге ислесиўди әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилген еди.
Соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Әмирликлердеги мәмлекетлик институтлардың бирге ислесиўин беккемлеў, БАӘның мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны миллий мәплеримизди есапқа алған ҳалда мәмлекетимизде енгизиў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынған еди.
Усы келисимниң орынланыўы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 24-февраль күни БАӘ Министрлер Кабинетиниң жумыслары ҳәм келешек министрлигиниң ўәкили Азиз Хмуд Ал-Амери басшылығындағы делегация ағзалары мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм мәмлекетлик уйымлары хызметкерлери ушын тренинг шөлкемлестирилди. «Улыўма сапа басқарыўы: ҳүкиметтиң жумысын жетилистириў» темасындағы оқыўда қатнасыўшылар ҳүкимет ҳәм оның қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын және де жетилистириў ҳәм Өзбекстан ҳүкимети жумысының нәтийжелилигин ҳәм потенциалын арттырыўда Әмирликлердиң тәжирийбесин қолланыў бойынша өз-ара пикир алысылды.
Илаждың биринши күнинде мәмлекетлик системаны қәлиплестириў, менеджмент, стратегия ҳәм оны әмелге асырыў, стратегиялық мақсетке ерисиўде жетискенликлерди өлшеў, нәтийжели басқарыў қуралларын қолланыў ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў қуралларынан пайдаланған ҳалда жумыс ислеўди мониторинг етиў бойынша БАӘ тәжирийбеси үйренилди.
Қатнасыўшылар Бирлескен Араб Әмирликлериниң мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў тараўында жетекши мәмлекетлер қатарынан орын алғанын, Өзбекстанда да бул бағдарда кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
ӨзА