Бәҳәр жақын. Бул мәўсимде елимизге туристлердиң ағымы сезилерли дәрежеде көбейеди. Ишки туризм де жеделлеседи. Бул процессте транспорт хызметлерине талап сезилетуғыны тәбийғый жағдай.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети жергиликли жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде бир қатар шегирмелер жәриялады.

Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, тек ғана 21-23-март күнлери жергиликли жөнелислердеги жолаўшы поездлардың билетлери ушын бар тарифлерден шегирмелер усынылмақта.

Соның ишинде, напақа алыўшылар, майыплар, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген пуқараларға 50 процент, Жоқары оқыў орынлары, әскерийлестирилген арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң студентлери, оқыўшылар, шаңарақлық саяхатқа шыққанлар ушын (неке гүўалығы ҳәм туўысқанлықты белгилейтуғын ҳүжжетлердиң нусқасы усынылған ҳалда), 4 адамнан артық кәсиплеслерге 15 процентлик шегирмелер бериледи.

«Афросиёб» тезжүрер поездларында болса барлық категориядағы жолаўшыларға 10 процент шегирме бар.

Жоқарыда атап өтилген шегирмелер тек ғана темир жол кассаларында рәсмийлестириледи. Жеңиллик электрон билетлерди рәсмийлестириўде усынылмайды. Атап өтилиўинше, электрон билетлерди рәсмийлестириў системасында ҳәзирги ўақытта бундай техникалық имканият жоқ. Қәнигелер усы функцияны жетилистириў бағдарында жумыс ислемекте.

Усы жылы 5-марттан 30-апрельге шекем «Ташкент – Самарқанд» жөнелисинде ҳәр пийшемби күни «Афросиёб» тезжүрер поездының қосымша қатнаўы да жолға қойылады.

 

ӨзА