САЙЛАЎ-2019          

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен алынған мағлыўмат бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге сайлаўларда республикамыздан 57 мыңнан аслам жас биринши мәрте даўыс береди.

Нөкис қаласындағы 14-сайлаў участкасында белсенди жасларға саўғалар тапсырыў салтанаты болды. Участкалық сайлаў комиссиясы аймағында жәми 1844 сайлаўшы болып, соннан 29 сайлаўшы биринши мәрте даўыс бермекте.

-Сайлаўда жаслардың белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқықый билимин жетилистириў мақсетинде «Мениң биринши сайлаўым» акциясын өткерип атырмыз,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Парахат Қазақбаев.-Бунда сиясий мапазға белсене қатнасып атырған жасларға қалалық Кеңестиң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылмақта.

-Бизлерге қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлықтан миннетдармыз,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Нурмухаммед Алласугиров.-Себеби, жаслар мәмлекетимиз келешеги көп жағынан бүгинги сайлаўлардың қай дәрежеде өтиўине байланыслы екенлигин жақсы түсинеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.