Нөкис қаласындағы 15-сайлаў участкасында да Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине сайлаўлар даўам етпекте.

Пайтахтымыздағы «Шығыс» мәкан пуқаралар жыйыны турғынларынан ибарат болған бул сайлаў участкасында улыўма 2098 сайлаўшы дизимге алынған болып, олардың арасында 112 сайлаўшы быйылғы жылғы сайлаўларға биринши мәрте қатнаспақта.

Сайлаў участкасында сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған.

Участкада сиясий партиялардың ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары жаратылған шараятлар және пуқаралардың даўыс бериў процеси пенен танысып, жоқары баҳа берди.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаў өткериў ушын 622 сайлаў участкасында сайлаў процеси шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Саат 13:00 деги мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынған 995 320 сайлаўшының 396 137 си сиясий процесте өзи мүнәсип көрген талабанларға даўыс берген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.