Бүгин, 18-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Математика ҳәм информатиканы оқытыўдың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ашып берди.

Математика ҳәм информатиканы оқытыўдың әҳмийетли мәселелерине байланыслы республикамыздағы оқыў орынларында алып барылып атырған изертлеў жумысларын, сондай-ақ, илимий жаңалықларды талқылаў, үйрениў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў жолларын усыныў конференцияның тийкарғы мақсети болып табылады.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта елимизде илимге болған итибар жоқары дәрежеге көтерилип, илимий изертлеў жумысларының нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, жас, перспективалы илимпаз кадрларды таярлаў оқыў орынлары менен илимий орайлардың баслы ўазыйпаларына айланбақта.

Әсиресе, барлық илимлердиң өзеги есапланған математика, күн сайын заманагөйлесип, раўажланып баратырған информатика илимлерине болған итибар келешектеги жетискенликлеримиздиң тийкары болып табылады.

Бул еки пәнниң мектеплердиң оқыўлық бағдарламалары, жобаларындағы саат көлемин арттырыў, оқыўшы жасларды математика ҳәм информатика пәнлерине бағдарлаўда өз бетинше жумысларды көбейтиў, баланың өз бетинше излениўи, өзи үйренип, өзи түсинип жетиўи ушын тийкар жаратыў сыяқлы мәселелер шешимин күтип турған ўазыйпалар екенлиги атап өтилди.

Конференцияда физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Б.Пренов, информатиканы оқытыў методикасы кафедрасының доценти А.Абдуллаев, математиканы оқытыў методикасы кафедрасының доценти Н.Жумабаев баянатлар жасады.

Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.