Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Мега Нукус» саўда-кеўил ашар орайы алдында жаңа жыл шыршасы орнатылмақта.
Оның ени 6 метр, узынлығы 12 метрди қурайды. Шырша Қытай Халық Республикасынан алып келинген.
Еслетип өтемиз, бул шырша өткен жылы Нөкис қаласындағы ең көркем жаңа жыл шыршасы болған еди.
Шыршаның өткен жылдағы көринислери
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.